Алыс аўылларға ишимлик суў қубырлары тартылмақта

Алдын хабар берилгениндей, 2024-жыл 29-октябрь күни Мойнаққа жаңа ишимлик суўы линиясын тартыў жумысларына старт берилип, бул жумыслар ҳәзирги ўақытта қызғын даўам етпекте
Жаңа суў линиясы 5 мың куб метр суўды жеткериў ҳәм 1300 ден аслам хожалықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў имканиятына ийе.
Жойбар Азия раўажландырыў банки есабынан қаржыландырылып, жойбар баҳасы 8,21 миллион доллардан ибарат.
Жойбар тийкарында Мойнақ районындағы Қызылжар АПЖның Әлий аўылы, Ҳәким ата АПЖның Дослық аўылы, Мәдели АПЖның Шеге аўылы, Бозатаў АПЖның Әмиўдәрья, Қыпшақдәрья, Таллық аўыллары, Үшсай АПЖның Үшсай, Тоқпақ ата аўылларына ҳәм район орайындағы мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларына Түйе мойын суў сақлағышынан ишимлик суўы жетип барады.
Ҳәзирги ўақытта бул жумыслар райондағы Қызылжар АПЖ аймағындағы «Әлий аўылы» аўылында алып барылмақта.

Алдын бундай жумыслар Бозатаў АПЖның Таллық, Қыпшақдәрья аўылларында алып барылған еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги