Ҳаял-қызлардың зийреклиги, шаққанлығы ҳәм билими сыналды

284

8 март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы мүнәсибети менен Жаслар ислери агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси менен биргеликте ҳуқық қорғаў уйымларының ҳаял-қыз хызметкерлери ушын “Зәкаўат” интеллектуаллық ойыны өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Қорғаныў министрлиги, Бажыхана басқармасы, Миллий гвардия, шегара бөлими ҳәм Айрықша жағдайлар басқармасының ҳаял-қыз хызметкерлеринен ибарат 6 команда қатнасып, ақыл жарысында өз-ара беллести.

Зийреклик, шаққанлық, жоқары билим ҳәм потенциал талап етиўши бул интеллектуаллық ойын қызғын ҳәм маўасасыз тартысларға бай болды.

Ақыл шынықтырыў сынақлары командаларды аўызбиршилик ҳәм татыўлыққа шақырып қалмастан, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳаял-қыз хызметкерлериниң де досласыўына имканият жаратты.

Ойын жуўмағында, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги биринши, Өзбекстан Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша Қорғаў басқармасы екинши, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы командасы үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар ҳәм белсене қатнасқанлар диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги