Пиллешиликте ҳаял-қызлар имканиятлары кеңеймекте (+видео)

Пиллешилик наўқан қуртын бағыў, пилле жетистириў комплекси болып, аўыл хожалығының пиллешилик санааты ушын шийки зат жеткерип беретуғын тийкарғы тармақларынан бири болып есапланады. Бул тараў дәраматлы болғаны ушын да мәмлекетимизде пилле жетистириў кең жолға қойылған. Атап айтқанда, ҳәзирги күнде пилле жетистириўши жетекши мәмлекетлер ишинде Өзбекстан 3-орынды ийелеп турыпты.
Бунда әлбетте, тараў хызметкерлериниң билим ҳәм тәжирийбеси үлкен әҳмийетке ийе. Сол себепли, ҳәзирги күнде елимиздиң барлық ўәлаят ҳәм районларында пиллешилик тараўында ҳаял-қызларды оқытыў мақсетинде оқыў семинары шөлкемлестирилмекте.
Министрлер Кабинетиниң « Пиллешилик тараўында ҳаял-қызларды басқышпа-басқыш жумыс пенен тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңбериндеги бул оқыў-семинарлары Ташкент, Бухара, Сурхандәрья, Хорезм, Ферғана, Наманган ўәлаятларында ҳәм Қарақалпақстан Республикасында да болып өтти.
Пиллешилик ҳәм жүн санаатын раўажландырыў комитети, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети ҳәм жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен қытайлы ҳәм вьетнамлы бирге ислесиўши қәнигелер менен биргеликте шөлкемлестирилген семинарларда «Агропилле» ЖШЖ басшылары, бас пиллекеш, агрономлар, кластерлер, жумысты бөлип алып ислеўшилер ҳәм лидер пиллекеш ҳаял-қызлар қатнасты.
Семинарда пилле жетистириўшилердиң материаллық мәпдарлығын арттырыў, шаңарақларға тарқатылған пиллениң дурыс тәрбияланыўын жолға қойыў, тут атызларын шөлкемлеситириў ҳәм үй шараятында таяр жипек ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша түсиниклер берип өтти.
Сондай-ақ, семинарларда пиллени Вьетнам ҳәм Қытай тәжирийбеси тийкарында санаат түринде жетистириўди жолға қойыў бойынша сырт ел қәнигелери тәрепинен онлайн баянатлар тыңланды.
Бундай оқыў-семинарларды ҳәр шеректе өткерип барыў режелестирилген.
ӨзА