Сүйикли шайырымыздың дөретиўшилигине бағышланды

378

Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде халқымыздың сүйикли шайырларының бири Аяпберген Муўсаевтың 145 жыллығына бағышланып, «Жети асырымда жырланған тәрийп қосық-Қарақалпақта» атамасында әдебий саз-сәўбетли кеше болып өтти.

Кешеге республикамызға белгили илимпазлар, шайыр-жазыўшылар, студент-жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Кешени музей директоры Шәригүл Пайзуллаева ашты ҳәм басқарып барды.

Илажда тарийх илимлерииниң кандидаты, доцент Ж.Айтмуратов «А.Муўсаев шығармаларында тарийхый дереклер», Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң қарақалпақ әдебияты кафедрасы излениўшиси Абдиғафур Ҳамзеев,  «А.Муўсаев шығармаларында халықлық дәстүр, үрп-әдетлер көриниси», филология илимлериниң докторы Т. Машарипова «А.Муўсаев шығармаларын жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаўдың әҳмийети», шайырдың ақлығы Камила Аяпбергенова «А.Муўсаевтан өнип-өскен әўладлар»  деген темаларда баянатлар жасап, шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги, қарақалпақ әдебияты ҳәм тарийхында тутқан айрықша орны ҳаққында илаж қатнасыўшыларына кең түрде мағлыўматлар берди.

Сондай-ақ, кешеде А.Муўсаев тәрепинен дөретилген «Қарақалпақта» қосығын Түркия Республикасы сахналарында атқарып,  бүгинги күни халқымыздың алғысына бөленип жүрген түркиялы хош ҳаўаз қосықшы Ферял Башел Тузун онлайн түрде қатнасып, илаж қатнасыўшыларына сәлем жоллады ҳәм «Қарақалпақта» қосығын жанлы ҳаўазда айтып берди.

Қызықлы өткен әдебий саз-сәўбетли кеше республикамызға белгили көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылар тәрепинен таярланған йошлы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

                                                                                      Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы