Футзал бойынша Қарақалпақстан чемпионаты жуўмақланды

318

Нөкис қаласында футзал бойынша Қарақалпақстан ХХІ чемпионаты болып өтти.

Чемпионатқа республикамыздың барлық аймақлары, министрлик ҳәм жоқары оқыў орынларынан дүзилген 22 команда қатнасты.

Ең дәслеп командалар бир топарда өз-ара ойынлар өткерип, топарда ең көп упай топлаған сегиз команда шерек финалға жол алды.

Қызықлы өткен шерек финал ойынларында топар жетекшиси «Пантерра» командасы 8-орынды ийелеген «Меҳржон», «ҚМУ-2» – «Ҳудудгаз», «ҚМУ-1»  Айрықша жағдайлар басқармасы, «СКУФ-2» – «ИИМ» командалары менен өз-ара ушырасты ҳәм бул ойынларда «Пантерра», «ҚМУ-2», «ҚМУ-1» ҳәм «СКУФ-2» командалары өз қарсыласларын жеңип шығып, ярым финалға  жолламаны қолға киргизди.

Ал,  ярым финал ойынларда болса, «Пантерра» «ҚМУ-1» командасын     3:2, «СКУФ-2» «ҚМУ-2»  командасын 4:1 есабында жеңип шығыўға еристи.

Буннан соң чемпионаттың үшинши орыны ушын Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «ҚМУ-1»  «ҚМУ-2»   командалары өз-ара беллесип, онда  «ҚМУ-1» командасы жеңиске еристи ҳәм чемпионаттың қола медалын жеңип алды.

«Пантерра» ҳәм «СКУФ-2» командалары арасында өткерилген чемпионлық ойынында болса, «Пантерра» командасына әўмет күлип бағып, олар өз қарсыласларын 3:2 есабында жеңиўге еристи ҳәм футзал бойынша өткерилген Қарақалпақстан ХХІ чемпионатының жеңимпазына айланды.

Сондай-ақ, чемпионатта «Ең жақсы ҳүжимши», «Ең жақсы дәрўазаман» ҳәм «Ең жақсы футзалшы» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланды.

Чемпионат соңында жеңимпаз командалар ҳәм номинация ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип түрде сыйлықланды.

Жеңимпазларды сыйлықлаў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеевлер қатнасты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы