Жаслардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў-дәўир талабы

283

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-январдағы «Республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы қарары шеңберинде үгит-нәсият илажы болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының орынбасары Шерзад Мухаматов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары Бахытжан Избасаров, «Нураний» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Турсынбай Абдижаппаров, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Татлымурат Атамуратов, мийнет ветераны Бийбиайым Юсупова, нураний устаз Бегдулла Султанов, университет профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары қатнасты.

Илажды Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң оқыў ислери бойынша проректоры О.Дуйсенбаев ашты ҳәм басқарып барды.

Илаж даўамында мәҳәллелерде қәўипсизликти тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм жынаяшылыққа қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында сөз етилди.

Илажда шығып сөйлегенлер Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2025-жыл 14-феврал күни мәмлекет жаслары менен өткерген ушырасыўында алға қойылған әҳмийетли мәселелер ҳәм жасларға жаратылып атырған имканият ҳәм қолайлықлар ҳаққында да кең түрде айтып берди. Сондай-ақ, илажда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты буннан былай да жетилистириў, олардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў, ҳәр қыйлы унамсыз ағымлардың тәсирине түсип қалыўының алдын алыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Усылар менен бир қатарда, илаж даўамында жаслардың ҳуқықый санасын еле де кеңейтиў, оларды жынаяшылықтан қорғаў мақсетинде университетте ҳуқықый билимлерди үгит-нәсиятлаў бойынша арнаўлы бағдарламалар ислеп шығылыўы ҳәм әмелге асырылыўы зәрүрлиги атап өтилди.

Ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллери тәрепинен жынаяшылықтың алдын алыўға қаратылған мәмлекетлик сиясат, аймақлардағы профилактикалық илажлар, кибержынаятшылықтың алдын алыў бойынша алып барылып атырған жумыслар бойынша мағлыўматлар берилди.

Илаж соңында студентлер тәрепинен тараў қәнигелерине сораўлар берилип, оларға жуўаплар алды. Сондай-ақ, жасларға ҳуқықый мәденият ҳәм пуқаралық жуўапкершиликти арттырыўға қаратылған арнаўлы усыныслар берилди.





-Бундай илажлардың турақлы түрде шөлкемлестирилиўи жасларда ҳуқықый сана-сезим ҳәм мәдениятты арттырыўға, сондай-ақ, жәмийетте ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға хызмет етеди,-дейди университет оқытыўшысы Парахатдин Орынбаев.

Қарақалпақстан хабар агентлиги