Имканияттан нәтийжели пайдаланып, атызларға төгин берилмекте

385

Бүгинги күнде республикамыздың барлық ғәлле егилген районларында 2025-жылдың ғәлле өними ушын бир қатар агротехникалық илажлар алып барылмақта.

Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта ғәлле майданларында тараў ўәкиллериниң усыныслары тийкарында қыс мәўсиминде ғәлле егилген атызларды азықландырыў бойынша кең көлемли жумыслар шөлкемлестирилмекте.

– Дән ҳәм салы илимий-өндирислик бирлеспесине қараслы тәжирийбе атызларында Қарақалпақстан шараятына бейимлестирилген ғәлле туқымлары егилген атызда турыппыз. Быйыл Қарақалпақстанда биринши мәрте деп айтсақ та болады, орташа 5-6 сантиметрлик қалың қар жаўды. Усы қардан тезирек утымлы пайдаланып қалып, бийдай егилген майданларды азықландырыў жумысларын алып барыўымыз керек. Мақсетимиз қар ериймен дегенше, сол төгинниң қардың ериген суўы менен егин тамырларына жетип барыўын тәмийинлеў. Себеби, сульфат-оммоний төгини әстен тәсир етиўши, таслаған жериңде жататуғын төгин. Сонлықтан да, биз бул төгинди ерте берип, қардың бар ҳәр бир саатынан пайдалансақ өткен жылы бирлеспемиз 45 центнерден өним алған болса, быйыл өнимди 55-60 центнерге жеткеретуғын жумысларды ислеўимиз керек. Өзимиздиң бийдай сортларымыз шөлге, шорға ҳәм басқа да климатымыздың кери тәсирлерине шыдамлы. Сонлықтан да, биз бул сортларды көбирек егиўимиз керек,-дейди усы бирлеспениң Масақлы егин селекциясы ҳәм туқымгершилик лабораториясының баслығы Оразбай Абдуллаев.

Бул жумыслардың нәтийжели алып барылыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, қыстың соңғы күнлеринде жаўған қардан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде Нөкис районындағы дән ҳәм салы илимий-өндирислик бирлеспеси тәрепинен арнаўлы техникалар жәрдеминде ғәлле майданларын азықландырыў илажлары әмелге асырылмақта.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги