Жумысқа кешигип келдиңиз, сылтаўыңыз таяр ма?

Инсан жумыс тәртибине әмел етпесе ямаса режедеги қандайда бир жумысын ислей алмаса яки берген ўәдесин орынлай алмаса, бул өзиниң итибарсызлығы, ўәдесинде турмаўы ямаса ериншеклиги себепли екенин тән алғысы келмейди.
Керисинше, азарсыз сылтаў ойлап табыўға ҳәрекет етеди. Сылтаўлардың да шеги бар. Және бир нәрсени естен шығармаў керек, айырым жағдайларда ҳеш қандай сылтаў өтпейтуғын жағдай пайда болыўы да мүмкин.
Сылтаў қандай жағдайда көбирек қолланылады? Әлбетте, жумысқа кеш қалғанда!
Жақында Россия бойлап «SuperJob» бос жумыс орынлары қосымшасы халық арасында жумысқа кешигиў себебин үйрениў мақсетинде сораў өткерди. 1000 адам қатнасқан изертлеў есабатында айтылыўынша, жумысқа кешигилгенде ең көп қолланылатуғын сылтаў жолдағы тығылыс екен. Соның менен бирге «пышығым аяғымда уйықлап қалды» ямаса «атлар жолды тосып қойды» сыяқлы шенде-шен ушырасатуғын себеплер де көрсетилген.
Респондентлердиң 28 проценти жумысқа кешиксе, айыпты жол тығылыслығына аўдаратуғынын тән алған. Қаншелли таң қаларлық болмасын, екинши кең тарқалған сылтаў «уйқылап қалыў» екен. Сораўда қатнасқанлардың 13 проценти усы сылтаўды көп қолланады екен.

Ҳәр оныншы жумыс бериўши ўақтында жумысқа келмейтуғын хызметкерлеринен қалалық жолаўшы тасыў транспорты менен байланыслы «кесте өзгерди», «автобус кешикти», «транспорт жолда бузылды ямаса улыўма келмеди» сыяқлы сылтаўларды еситеди екен.
Қәнигелердиң 6 проценти оятыўшы саат пенен байланыслы машқала ең кең тарқалған сылтаў, деген, 5 проценти шаңарақлық ямаса балалар менен байланыслы мәселени көрсеткен. Сондай-ақ, жол-транспорт ҳәдийсеси жүз бериўи (4 процент), денсаўлықтың төменлеўи (3 процент), машина бузылыўы ҳәм ҳаўа-райының жаманласыўы (2 процент) сыяқлы сылтаўлар да тез-тезден айтылады екен.
Сораў процесинде қәнигелер нырққа сыймайтуғын, я күлиў ҳәм я ашыныўға ылайық сылтаўларды да еситиўге туўра келген. Күлкили сылтаўларға «Жумысқа барыў керек екенлиги есимнен шығыпты», «Қай жерге баратырғанымды умытып қойыппан», романтизмге «Қуяш шығыўын бақлап адасып қалдым», ақырзаманларға «Турыўдан қорқаман», бийпәрўалыққа «Ҳәпте надурыс шөлкемлестирилген», әжептәўир себеплерге «Атлар жолды тосты», «Сүйикли пышығым туўды», «Бүгин азанда пышық аяғымда уйықлап қалды» сыяқлылар киргизилди.
Сораў өткерген қәнигелердиң атап өтиўинше, изертлеў кәрхана ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлерди таңлаў ушын жуўапкер болған кадрлар бөлими менеджерлери ҳәм басқа да ўәкиллери арасында өткерилген.
Қулласы, сылтаў ойлап табыўды әдет етпеў керек, себеби ўақыт өтип, соған қатты байланып қаласыз. Нәтийжеде өтирик сөйлеў турмыс тәризиңизге айланып қалыўы мүмкин. Егер де, басыңыз машқаладан шықпай қалса, тәғдирди «айыплы» етпей, кеш болмастан, кемшиликти өзиңизден излеп көргениңиз мақул.
С.Раҳимов, ӨзА