Сенаттың гезектеги жалпы мәжилис қашан болатуғыны мәлим етилди

260

Олий Мажлис Сенаты кенгашинде төртинши жалпы мәжилисти шақырыўға байланыслы мәселе көрип шығылды.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарған мәжилисте видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланған ҳалда өткерилетуғын жалпы мәжилисте бир қатар мәселелерди додалаў нәзерде тутылғаны атап өтилди.

Соның ишинде, пуқаралардың ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў ҳәм диний тараўдағы мәмлекетлик сиясат концепциясын тастыйықлаў, исбилерменлик субъектлерин қаржылай қоллап-қуўатлаў, кредит мәлимлемеси алмасыўын және де жетилистириў, салық ҳәкимшилиги, жер участкаларынан пайдаланыў, қурылыс тәртиби, донорлық ҳәрекетине байланыслы, соның менен бирге ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған нызамларды көрип шығыў режелестирилмекте.

Жалпы мәжилис күн тәртибинен суд, жазасын өтеп атырғанлардың жаза өтеўдеги ҳуқықлары, шығындыларды топлаў ҳәм алып шығыў хызметлерин көрсетиў тараўына байланыслы нызамлар да орын алған.

Буннан тысқары, бир қатар халықаралық ҳүжжетлерди ратификациялаў ҳәм оларға қосылыў мәселелери сәўлеленген нызамлар да көрип шығылады. Соның менен бирге, Самарқанд ўәлаятының Самарқанд қаласы, Самарқанд ҳәм Ақдәрья районларының шегараларын өзгертиў ҳаққындағы мәселе де додаланады.

Мәжилисте Сенаттың төртинши жалпы мәжилисин 2025-жыл 20-февраль күни шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Н.Абдураимова,

ӨзА