Аралға қайтқан жаңа турмыс нәпеси кеўиллеримизге үмит, ертеңги күнге беккем исеним алып кирмекте

Усы күнлерде көплеген ўатанласларымыздың, соның ишинде, қарақалпақстанлылардың дыққат- итибары “Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл экономика” жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаға қаратылған.
Бундай болыўы да тәбийий, әлбетте. Бул ҳүжжеттен 2025-жыл даўамында мәмлекетимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың абаданлығын арттырыў, экологиялық турақлылыққа ерисиў сыяқлы тийкарғы мақсет ҳәм бағдарларға байланыслы әҳмийетли ўазыйпалар, көрсеткишлер орын алған.
Мәмлекетлик бағдарлама менен танысар екенбиз, онда белгиленген ўазыйпалардың әмелге асырылыўы ўатанласларымыз ушын қаншелли абаданлық алып келетуғынын, қолайлық жарататуғынын ойлап қуўанамыз. Бир жуўапкер басшы сыпатында ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы, демек, халықтың абаданлығын және де арттырыў бағдарында терең жуўапкершиликти сеземен. Басқа тәрептен болса бул қуўаныш, үлкен ҳәм мақтанышлы ўазыйпа жақын өтмишти еске салады, өткен жылларды есапқа алыўға шақырады.
Өткен жылларда ерисилген әҳмийетли жетискенликлер ҳаққында пикир жүргизиўден алдын 2024-жылы қарақалпақстанлылар турмысында әҳмийетли из қалдырған, аймақтың социаллық-экономикалық раўажланыўында өзгерислерге тийкар жаратқан тарийхый ўақыяларға тоқтап өтсек, мақсетке муўапық болады, деп ойлайман.
Неге анық ўақыя емес, ҳақыйқатлықлар деп атырмыз? Себеби өткен жылымыз ири дөретиўшилик жумысларына бай ҳәм нәтийжели болды. Олардың ҳәр бири халықтың абаданлығын арттырыў, қолайлық жаратыў, аймақ экономикасының турақлылығын тәмийинлеў көзқарасынан үлкен әҳмийетке ийе.
Мәселен, Әмиўдәрья үстинен өтетуғын темир жол ҳәм автомобиль жолы қоспа көпириниң қурылыс жойбарын алайық. Бир ғана мине, усы қоспа көпир қурылып, пайдаланыўға тапсырылыўы артынан қаншадан-қанша хорезмли ҳәм қарақалпақстанлы жерлеслеримиздиң мүшкили жеңил, узағы жақын болды. Нәтийжеде, жаңа көпир есабынан жолдың өткериўшеңлик имканияты төрт есеге артты, күнине 12 мың автомобиль өтиўи ушын шараят жаратылды. Тийкарғысы, бул арқалы 48 мың жолаўшының орташа еки сааттан ўақтын үнемлеў, дәрьядан қәўипсиз өтиўин тәмийинлеў имканияты пайда болды.
Себеби, көпир қурылысынан алдын әмиўдәрьялылар автомобильде Нөкиске барыў ушын Үргенш ҳәм Беруний арқалы жүриўге, ақырында қосымша 180 километр жол басып өтиўге мәжбүр еди. Егер усы қолайлық есабынан дерлик бир жыл даўамында үнемленген ўақыт ҳәм жанылғыны экономикалық жақтан калькуляторға салсаңыз, бул көпирдиң нәтийжесин көз алдымызға келтириў қыйын емес. Инсан өмириниң қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселесин болса ҳеш қандай норма менен өлшеп болмайды. Себеби ол өлшеп болмайтуғын дәрежеде қәдирли ҳәм қымбатлы.
Темир жол ҳаққында да тап сондай пикир айтыў мүмкин. Себеби ол еки тәрепке қарай 24 жуп поездды өткериў имканиятына ийе. Басқаша айтқанда, бул арқалы темир жол аралығы 180 километрге, жүк тасыў тезлиги болса 6 саатқа шекем қысқарды. Өз гезегинде, бул қолайлық бир қатар экономикалық нәтийжелерди де келтирип шығарады. Мәселен, жергиликли жүклерди тасыў көлемин жылына 2 есеге арттырып, тасыўдың өзине түсер баҳасын 2 есеге азайтыў имканиятын береди.
Тийкарғысы, 85 километрлик темир жолды бирлестирген 423 метрлик бул көпирге шекем, биринши гезекте, “Шават – Гүрлен – Жумыртаў – Қараөзек” темир жолы қурып питкерилди. Бул линия Хорезм темир жолын Қарақалпақстаннан өтетуғын магистраль темир жолға жалғады. Нәтийжеде туйық линияға айланып қалған Хорезм темир жолы ушын үлкен имканиятлар пайда болды.
Улыўма, бул көпирдиң социаллық-экономикалық әҳмийети соншелли баҳалы, оны бир сөз ямаса сан менен тәрийплеў мүмкин емес. Себеби, Президентимиздиң айтқанындай, “Биз биргеликте қурған бул саўлатлы көпир әпиўайы гезектеги инфраструктура имараты емес. Бул көпир бәринен бурын өзбек ҳәм қарақалпақ халықлары арасындағы беккем исеним ҳәм дослық, аўызбиршилик ҳәм бирге ислесиў көпири болып есапланады. Бул жол дүньяға ашылып атырған Жаңа Өзбекстан, Жаңа Қарақалпақстанның раўажланыў ҳәм абаданлық жоллары…”.
Екинши әҳмийетли ўақыя Қоңырат – Бейнеў автомобиль жолының жаңадан қурылған 240 километр бөлеги пайдаланыўға тапсырылғаны болды. Бул жол мәмлекетимизди Европа мәмлекетлери менен байланыстыратуғын стратегиялық автомагистраль есапланды. Бирақ узақ жыллық қатнаўлар, Аралбойының кескин континентал климаты себепли жарамсыз жағдайға келип қалған еди. Сол себепли, 2021-2024-жылларда 323 миллион долларлық жойбар есабынан оңлаўға мүтәж жол заманагөй етип қайта қурылды.
Не ушын әҳмийетли екенлигине тоқталатуғын болсақ, төмендеги фактлар пикиримизди тастыйықлайды.
Бириншиден, бул дөретиўшилик жойбары есабынан мәмлекетимиз аймағынан халықаралық тасыўлар аралығын мың километрге шекем, транспорт қәрежетин болса 25 процентке шекем азайтыў имканияты жаратылды.
Екиншиден, бул жол елимизди Каспий теңизи ҳәм Қара теңиз портлары арқалы Европа базарлары менен исенимли байланыстыратуғын логистика тармағына айланбақта.
Үшиншиден, жаңа жол әтирапында 200 ден аслам саўда-сервис объекти ҳәм санаат кәрханасының қурылысы есап-санақ етилген. Нәтийжеде жақын ҳәм орта келешекте жети мың жумыс орны ашылады. Усы тәризде Қарақалпақстанда транзит ҳәм басқа да хызметлердиң баҳасы жылына 200 миллион долларға артыўы ушын беккем тийкар жаратылады.
Төртиншиден, бул магистраль өтетуғын Төрткүл, Елликқала, Беруний, Нөкис, Хожели, Шоманай, Қанлыкөл, Қараөзек ҳәм Қоңырат районларында жасайтуғын 1 миллионнан аслам адамның турмысы өзгереди.
Негизинде, 2024-жылы Қарақалпақстанның социаллық-экономикалық турмысында усындай айтыўға арзыйтуғын ўақыялар, жетискенликлер оғада көп. Бирақ олардың ҳәммесине бирме-бир тоқтап өтиў мүмкин емес. Себеби, бираз алдын айтып өткенимиздей – бир ғана жол қурылысы себепли турмысында унамлы өзгерис күтилип атырған 1 миллион ўатанласымыздың тәғдириниң өзи бир миллион тема. Соның ушын, мақаламыздың басында атап өткенимиздей, өткен жыллардың жуўмағы менен пикиримизди даўам еттирсек.
Халқымызда “Үйи бардың тәшўиши жоқ”, деген ибратлы гәп бар. Көп перзентли халықпыз. Елимиздеги дерлик барлық шаңарақ басшысы перзентлерин турақ жайлы етиў тәшўиши менен жасайды. Сол себепли, ата-аналарымыздан перзентлери ҳаққында соралғанда, ҳәммесинен кеўли қәтержамлығына ишарат мәнисинде “үйли-жайлы болған” сөзин қолланса керек.
Ҳақыйқатында да, перзентлердиң камалға келиўи ушын жеке турақ жайдың орны оғада әҳмийетли. Ҳәтте инсанның өмиринен разы болып жасаўында тийкарғы факторлардан бири болып есапланады. Адамлардың турақ жай менен тәмийинленгенлик дәрежесинен қанаатланыў сезими шаңарақлық бахыт-ығбалға алып келиўши тийкарғы фактор есапланатуғынын илимпазлар да атап өтеди.
Дурыс, ғәрезсизликтиң дәслепки жылларынан баслап ҳәр қыйлы тараўларда раўажланыў болды. Бирақ халықтың турақ жайға болған талабын қанаатландырыў, қала ҳәм аўылларда көп квартиралы жайлар қурыў мәселеси неше жыл итибардан шетте қалған болса, ата-аналардың жас шаңарақларды жайлы етиў тәшўиши сонша ўақыт артып бара берди.
Президентимиздиң 2016-жыл 22-ноябрьдеги “2017-2020-жылларда қалаларда арзан көп квартиралы турақ жайларды қурыў ҳәм реконструкциялаў бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында”ғы қарарына муўапық пүткил елимиз, соның ишинде, Қарақалпақстанның қала ҳәм аўылларында да көп квартиралы турақ жайлар қурыў жумыслары кең көлемде орынланбақта. Әлбетте, сол ўақытта бул жумыслар басланыўы болса да адамлардың өмирден разылығы ҳәм ертеңги күнге исенимин беккемлеўге сезилерли тәсир көрсетти.
Өткен жылларда халқымыздың турақ жай шараяты түп-тийкарынан жақсыланып атырғаны, қала ҳәм аўылларымызда жаңа турақ жайлар қурыў көлеми кеңейип атырғанын бәршемиз көрип турмыз. Қарақалпақстан мысалында алатуғын болсақ, тек ғана 2024-жылы халықты турақ жай менен тәмийинлеў бағдарламасы шеңберинде аймақларда 71 көп квартиралы турақ жай пайдаланыўға тапсырылды. Қанлыкөл, Қараөзек, Кегейли ҳәм Елликқала районларындағы “Жаңа Өзбекстан” массивлеринде 13, турақ жайға талап жоқары болған басқа аймақларда 58 турақ жай қурылып, 2734 шаңарақ сонша үйге жайластырылды. Мине, усы хожалықлардың ҳәр бирине жасаў ушын 4 адам көшип келген болса, демек, 10 мыңнан аслам адам баспана машқаласынан қутылғаны, әлбетте, бизди қуўандырады.
Бул тек ғана халықты турақ жай менен тәмийинлеў шеңберинде орынланған жумыслардан мысал. Кейинги еки жылда Президентимиздиң Қарақалпақстанда барлық тараўды раўажландырыў ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаўға қаратылған 14 пәрманы ҳәм қарары және ҳүкиметтиң 25 қарары ҳәм бийлиги қабыл етилди. Олар тийкарында ажыратылып атырған қаржылар ҳәр қандай экономистти, қысқа мүддетте қурылып атырған заманагөй имаратлар болса, ҳәр бир ўатанласымызды ҳайран қалдырып атырғаны да бар гәп. Сөзимиз қуры болмаўы ушын 2024-жылы бир неше тараўда исленген жумыслар ҳәм ерисилген нәтийжелерге тоқтап өтсек.
Қарақалпақстан бойынша 3-7 жастағы дерлик 151 мың бала бар. Соннан 83,2 проценти мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қамтып алынған. Жақын-жақынға шекем пүткил мәмлекетте, әсиресе, Қарақалпақстанда бақшаға қамтып алыў жағдайы оғада төмен еди. Ҳәтте өз-ара сөйлесиўимизде бақша, мектепке шекемги билимлендириў түсиниги жоғалып кете жазлаған еди. Мине, усындай шараятта ҳәм мәмлекетлик, ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында көплеген жаңа ҳәм заманагөй бақшалар ашылып, қамтып алыўдың бул дәрежеге алып шығылыўы, ең тийкарғысы, мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында бул жумыслардың системалы даўам еттирилиўи ҳақыйқый тарийхый ўақыя болып есапланады.
2023-2024-оқыў жылынан Қарақалпақстандағы 34 мектепте жаңа баҳалаў системасы тәжирийбе-сынақ түринде енгизилди. Мектеплерде еки шет тилин оқытыў ҳәм бир кәсипке үйретиў басламасы бойынша 17 мектепте 10-класстан баслап еки шет тили ҳәм бир кәсипке үйретиў системасы тәжирийбе-сынақ тәризинде жолға қойылды. Кембридж оқыў бағдарламалары тийкарында Нөкис қаласындағы 46-мектепте 5-класстан баслап 20 оқыўшыдан ибарат 2 класс ашылды.
Мектеплерде оқытыўдың сапасын арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған усындай жумыслардың нәтийжеси сыпатында өткен оқыў жылында өткерилген пән олимпиадасының финал басқышында 48 оқыўшымыз қатнасып, 8 сыйлы орын менен мәмлекетимиз көлеминде 3-орынды ийеледи.
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен орайласқан ҳалда 150 заманагөй компьютер менен үскенеленген Оқыўшы ҳәм муғаллимлердиң билим ҳәм көнликпелерин баҳалаў орайы шөлкемлестирилди. Бул да мектеплерде билимлендириўдиң сапасын арттырыў, заманагөй методикаларды билимлендириў процесине қолланыў арқалы оқыўшыларға ҳәр тәреплеме пуқта билим бериўде үлкен әҳмийетке ийе.
Сапалы медициналық хызмет барлық дәўирде ҳәр қандай жәмийет ушын әҳмийетли. Әсиресе, Арал апатшылығы ақыбетинде жүзеге келген экологиялық машқалалар себепли Қарақалпақстан ушын бул жағы оғада әҳмийетли. Соның ушын да аймақта халықты сапалы медициналық хызмет пенен қамтып алыў, бул бағдарда заман талапларына сай жаңа медицина мәкемелерин қурыў, барларын маман кадрлар ҳәм заманагөй медициналық технологиялар менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Бүгин республикамызда 216 мәмлекетке тийисли ҳәм 352 жеке меншик медицина мәкемеси жумыс алып бармақта.
Аймақларда жасаўшы 40 жастан асқан дерлик 557,5 мың адам жүрек-қан тамыр ҳәм қантлы диабет кеселликлерине қарсы, 17 мыңға шамалас ҳәмиледар ҳаял перинатал скринингтен өткерилди. Сондай-ақ, қантлы диабет кеселлиги менен дизимге алынған 52 мыңнан аслам наўқасқа медициналық хызмет көрсетилди.
Халқымыз, әсиресе, жаслар бахытлы ҳәм турмысынан разы болып жасаўы ушын турақлы жумыс орнына ийе болыўы оғада әҳмийетли. Қарақалпақстанда да бул бағдарда бир қатар әмелий жумыслар исленбекте. Соның ишинде, 2024-жылы 452 мәҳәлледе өткерилген хатлаў арқалы 447 мың жигит-қыздың “Жаслар балансы” қәлиплестирилип, индивидуал машқаласы, қызығыўшылығы ҳәм қәбилети үйренилди.
Жаслар бәнтлиги бағдарламасы тийкарында 5 мың гектар өнимдарлы жер жасларға ажыратылып, еки мәўсимде 10,5 мың тонна өним жетистирилди. Субсидия тийкарында 800 ден аслам жигит-қызға мийнет қураллары тарқатылды. Сондай-ақ, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде 12 мыңға шамалас жасқа 175,5 миллиард сумлық жеңиллетилген кредит ажыратылып, мәҳәллениң өзинде бәнтлиги тәмийинленди. “Келешек кәсиплери” жойбары арқалы 15 жеке меншик оқыў орайы менен бирге ислесиў жолға қойылып, дерлик 2000 жастың 1,8 миллиард сумлық оқыў қәрежети төлеп берилди. “Жаслар дәптери”не 15,5 мыңға шамалас жигит-қыз киргизилип, “мәҳәлле жетилиги”ниң усынысы менен 10 мыңнан асламына 17,1 миллиард сумлық жәрдем көрсетилди.
Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм мәҳәллелердеги социаллық жәрдемге мүтәжлерге ҳәр тәреплеме жәрдем бериўде ҳәким жәрдемшилериниң орны әҳмийетли болмақта. Мине, усылардың жәрдеминде социаллық хызметкерлер тәрепинен кәмбағал шаңарақлар менен ислесиў бағдары бойынша сораўнамалар жуўмақланып, жаңа платформаға киргизилиўине ерисилди. Кәмбағаллық реестрине киргизилген 10 мыңға шамалас шаңарақ ушын индивидуал реже ислеп шығылды. Ҳәзир олар менен мәнзилли жумыслар орынланбақта.
Аймағымызда майыплығы болған 68 мыңға шамалас шахс бар. Олардың 1300 ден асламы реабилитация орайында емленди, 6300 ден аслам мүтәж шахсқа протез-ортопедия өнимлери ҳәм реабилитациялаўдың техникалық қуралларына ваучер қәлиплестирилди.
Атап өткенимиздей, қурылыс ҳәм дөретиўшилик тараўындағы жумыслардың көлеми оғада кең. Бул бағдардағы жумыслар халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, турмыс шараятын жақсылаўға хызмет етпекте. Санларға итибар берсек, өткен жылы инвестиция, мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў, халықты турақ жай менен тәмийинлеў ҳәм басқа да мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде 8 триллион 553,2 миллиард сумлық қурылыс жумыслары орынланып, өткен жылға салыстырғанда 107,4 процентке өсиўге ерисилди. Инвестициялық бағдарлама шеңберинде 152 объектте 886 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары орынланды ҳәм 118 объект пайдаланыўға тапсырылды.
Мәҳәллелердиң инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасына муўапық, 130 мәҳәллеге ажыратылған 88 миллиард сум есабынан 129 объектте қурылыс жумыслары орынланып, 128 имарат пайдаланыўға таяр жағдайға келтирилген. Усы қаржы есабынан жәми 322,6 километр электр тармағы тартылды, 40 трансформатор орнатылды, 51 километр газ тармағы реконструкцияланды. Буннан тысқары, 221 километр ишимлик суў тармағы тартылып, 3 суў объекти қурылды, бир насос қурылмасы орнатылды, 3 денсаўлықты сақлаў объектинде қурылыс-оңлаў жумыслары орынланды.
“Басламалы бюджет” жойбары шеңберинде 2024-жылдың биринши мәўсиминде жеңимпаз деп табылған 145 объектте қурылыс-оңлаў жумыслары толық жуўмақланды. Екинши мәўсимде болса 77 жойбар жеңимпаз деп табылып, оларда 62 процент қурылыс-оңлаў жумыслары орынланған болса, ҳәзирги күнлерде жумыслар избе-из даўам еттирилмекте.
Автомобиль жолларының жағдайын жақсылаў мақсетинде барлық бағдарламалар шеңберинде 1026 километр ишки жол оңланды. Соннан 104,7 километр ишки жол асфалтланды, 921,3 километр топырақ жолға қум-щебень араласпасы төселди.
Буннан тысқары, Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўындағы А-380 “Ғузар – Бухара – Нөкис – Бейнеў” автомобиль жолының 964-1204 километр (240 километр) бөлегин цемент-бетон қапламасы менен реконструкциялаў жойбары шеңберинде 232 километр цемент-бетон қапламалы жолларға өткериў жумыслары орынланып, пайдаланыўға тапсырылды.
Соның менен бирге, бул жолдың 25 километр бөлегин реконструкциялаў жумыслары басланған болса, 92 километрин реконструкциялаўдың техникалық-экономикалық көрсеткишлери ислеп шығылмақта. Тийисли есап-санақлар жуўмақланыўы менен реконструкция жумыслары усы жылы басланады.
Ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў бойынша 178 миллиард сумлық ишимлик суў тармақлары тартылатуғыны белгиленди. Бул бағдарда әмелге асырылған қурылыс жумыслары нәтийжесинде халықтың таза ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежеси 72,4 проценттен 74,8 процентке жеткерилди. Бүгин 60 объектте қурылыс-монтажлаў жумыслары орынланбақта, 55 объект пайдаланыўға тапсырылды. Буннан тысқары, Азия раўажланыў банкиниң қаржысы есабынан 2024-2025-жылларда 1279 километр ишимлик суў тармақлары ҳәм 27 суў объектиниң қурылыс жумыслары басқышпа-басқыш орынланбақта. Бул объектлер ҳәм улыўма басқа да қурылыслар ушын 2024-жылы 5 мыңға шамалас турақлы ҳәм ўақтынша жаңа жумыс орны ашылды.
Улыўма алғанда, кейинги жыллары Қарақалпақстан социаллық-экономикалық және экологиялық жақтан түп-тийкарынан өзгерип, раўажланыўдың жаңа дәўирине қәдем қоймақта. Аралға қайтып атырған жасыллық ҳәм ол себепли кең саҳраға қайтып атырған жаңа өмир нәпеси барлық қарақалпақстанлылардың кеўлине үмит, ертеңги күнге беккем исеним алып келмекте.
Президентимиздиң “Инсанлардың дәрти ҳәм тәшўишлерин ойлап жасаў – адамгершиликтиң ең жоқары өлшеми”, деген ийгиликли шақырығын терең аңлаған ҳалда халқымыздың тәшўишлерин ойлап жасаў, машқалаларын сапластырыў үстинде бар күш ҳәм билимимизди жумсаўды миннетимиз деп билемиз.
Фарҳод ЭРМАНОВ,
Қарақалпақстан Республикасы
Министрлер Кеңесиниң Баслығы
Қарақалпақстан хабар агентлиги