«BMB HOLDING» Малайзия компаниялары менен бирге ислеседи

Мәмлекетимиз басшысының Малайзияға сапары ўақтында «BMB HOLDING» ко мпаниясы ўәкиллери ҳәм усы мәмлекеттиң абырайлы саўда ҳәм дистрибьюторлық компанияларының басшылары менен еки тәреплеме пайдалы ушырасыўлар өткерип, пайдалы келисимлерге еристи.
Компанияның сыртқы экономикалық қатнасықлар бөлими баслығы Сардор Розуқулов усы жылдың 6-февраль күни Малайзия пайтахты Куала-Лумпур қаласында жергиликли саўда ҳәм дистрибуция компанияларының басшылары менен ушырасыўлар өткерди.

Исшең руўхта өткен бул ушырасыўларда Өзбекстанда ислеп шығарылып атырған аўыл хожалығы өнимлери, соның ишинде, собықлы егинлер ҳәм кептирилген өнимлер ҳәм Жиззақ ўәлаятынының Бахмал районында жетистирилген ҳәм қайта исленип, қадақланған «BMBZa’faron» өнимлерин Малайзия базарына экспорт етиў имканиятлары ҳәр тәреплеме додаланды.

Сондай-ақ, өнимлердиң сертификатластырылыўы, саўда тармақларында жайластырылыўы, логистика мәселелери, дистрибьюторлар ҳәм саўда тармақлары менен тиккелей келисимлер үстинде жумыс алып барыў мәселелери көрип шығылды.

Нәтийжеде компаниялар менен бирге ислесиў қатнасықларын избе-из даўам еттириў ҳәм олардың «BMB HOLDING» жумысы ҳәм имканиятлары менен танысыўы ушын елимизге сапарын шөлкемлестириўге келисип алынды.
А.Қаюмов, ӨзА