Жасалма интеллект бағдарында парламент ҳәм институт арасында меморандумға қол қойылды

660

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Инновациялық раўажланыў ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети ҳәм Санлы технологиялар министрлиги жанындағы Санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллектти раўажландырыў илимий-изертлеў институты арасында өз-ара бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Илаж шеңберинде дәслеп қатнасыўшылар, соның ишинде, парламент ўәкиллери ҳәм мийманлар жасалма интеллект тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар, бул бағдардағы ең соңғы жетискенликлер ҳәм қосымша имканиятлар менен жақыннан танысты. Атап айтқанда, Өзбекстанда жасалма интеллектти раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жойбарлар, AI технологияларынан пайдаланыў перспективалары ҳаққында мағлыўматларға ийе болды.

Меморандумның мақсети нызамшылықты жетилистириў, нызам дөретиўшилиги процесинде жәмийетшиликтиң қатнасын кеңейтиў, ҳуқықый мәдениятты арттырыў ҳәм мәмлекеттиң раўажланыўына стратегияларды қоллап-қуўатлаўдан ибарат.

Бирге ислесиў шеңберинде инновациялық раўажланыў, мәлимлеме технологиялары, атап айтқанда, жасалма интеллект тараўының илимий-әмелий машқалаларын изертлеў, сырт ел тәжирийбесин үйрениў, илимий изертлеўлер өткериў ҳәм нызам ҳүжжетлериниң мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериў сыяқлы жумыслар әмелге асырылады.

Атап өтилгениндей, бул Меморандум парламент ҳәм илимий жәмийетшилик арасында нәтийжели бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етеди. Бул болса, өз гезегинде, жәмийет талаплары ҳәм мәплерин нызамларда толық сәўлелендириўге ҳәм Өзбекстанда әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға үлес қосады.

Н.Раҳмонова,

ӨзА