Өзбекстан Мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 13-августтағы Мүбәрек Қурбан ҳайытын мүнәсип белгилеў, көтериңки руўхта өткериў ҳәм ибадат етиўшилер ушын зәрүр шараятларды жаратыў мақсетиндеги буйрығына муўапық, республикамыздағы жәми 50 мешитте 21-август күни ҳайыт намазы оқылды. Онда жәми 14 мыңнан аслам адам қатнасты.

Пайтахтымыздағы Имам ийшан Муҳаммед жомъе мешитинде ҳайыт намазы оқылды.

Ҳайыт намазына жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов байрам менен қутлықлап, ғәрезсизлик жылларында елимизде әмелге асырылған жетискенликлерге кеңнен тоқтап өтти.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының қазысы Ш.Баўатдинов республикамыздағы барлық мусылманларды байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, елимиздиң абаданлығы, раўажланыўы, тынышлығы ушын дуўа оқыды. Қубан ҳайыты, оны өткериў тәртиби, қағыйдалары туўралы кең түрде түсиник берди.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң турақлы итибары нәтийжесинде елимизде жасап атырған барлық мусылманлар ушын өзиниң үрп-әдет дәстүрлерин әмелге асырыў ушын барлық қолайлықлар жаратылып, ҳәмме мешитлерде тазалаў-абаданластырыў илажлары, 2 муқаддес зыярат етиў орнында, 145 қойымшылықта тазалаў жумыслары әмелге асырылған.

Намаздан соң хутба, Қуран ҳәм салаўатлар оқылып жәмәәт ҳәм ел-журт ҳаққына және бир мәрте дуўа етилди.

Халқымыздың руўхый өмиринде айрықша орын тутатуғын муқаддес ислам дининиң идеяларын айқын көрсететуғын уллы байрамымыз Қурбан ҳайыты барлық орынларда көтериңки руўхта, тәртипли түрде, халқымыздың миллий қәдриятларына сай тәризде өткерилди.

Намаз оқылатуғын барлық мешитлерде пуқаралардың намаз оқыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылды.

Сондай-ақ, тийисли министрликлер ҳәм мәкемелер, жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен барлық қала ҳәм районларда, мәҳәллелерде, аўылларда жәрдемге мүтаж майыплығы бар пуқараларға, жалғыз баслы кекселерге, бағыўшысынан айырылған пуқараларға, кем тәмийинленген шаңарақларға ҳәм «Меҳрибанлық», «Мүриўбет» ҳәм «Сақаўат» үйлерине қайыр-сақаўат көрсетилип, руўхый жақтан жәрдем берилди.

Байрам илажлары республикамыз көлеминде көтериңки руўхта даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги