Усы жыл 18-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма екинши сессиясы болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, Нызамшылық палатасы ҳәм Халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң депутатлары, ҳүкимет ағзалары, тийисли министрликлер, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов ашты ҳәм бәршени жақынласып киятырған Қурбан ҳайыт ҳәм Ғәрезсизлигимиздиң 27 жыллық байрамлары менен қызғын қутлықлады.
Сессияның секретариат қурамы сайланды.
Итибарлы тәрепи сонда, гезектеги бул ретки сессия Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслери менен видео-селектор мәжилиси тәризинде өткерилди.
Сессияда ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимиз экономикасының барлық тараўларында үлкен өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз берип, Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар социаллық-экономикалық раўажланыўларға, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысы жолындағы ийгиликли ислерге беккем тийкар болып хызмет етип атырғанлығы атап өтилди.
Атап айтқанда, өткен қысқа ўақыт ишинде «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» Бағдарламалары тийкарында 234,4 миллиард сумлық қурылыс, реконструкциялаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Соның ишинде, Президентимиз тәрепинен жаратып берилген имканиятлар нәтийжесинде жергиликли бюджет қаржылары есабынан 41 миллиард сумлық жумыслар жүргизилмекте. Быйылғы жылдың өзинде «Жаслар келешегимиз» Бағдарламасы тийкарында жәми 49,7 миллиард сумлық жеңилликли кредитлер ажыратылыўы белгиленбекте. Соны да атап өтиў керек, быйылғы жылдың биринши ярым жыллығында бюджет дәраматларының артық орынланыўы нәтийжесинде жәми 486,7 миллиард сумлық «еркин қалдық» қаржылары қалдырылды. Бул қаржылар биринши гезекте Президентимиз белгилеп берген ўазыйпаларды әмелге асырыўға жумсалмақта.
Бундай ийгиликли ислердиң әмелге асырылып атырғанлығы Президентимиздиң халқымызға деген айрықша ғамхорлығының айқын көриниси болып есапланады.
Сессия күн тәртибинен орын алған, Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасы тәрепинен қабыл етилген қарар тийкарында дүзилген жумысшы-топарлардың, халықтың дурыс аўқатланыўы ҳәм саламат турмыс тәризин жүргизиў бойынша аймақтағы тийисли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, билимлендириў мәкемелери, жәмийетлик ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысын үйрениў нәтийжелери ҳаққындағы мәселе бойынша Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты З.Бекатова мәлимлеме берди. Буннан соң балалар бақшаларын сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумыслар туўралы Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министриниң орынбасары Т.Байжанов шығып сөйледи.
Сессияда және бир әҳмийетли мәселе, халыққа бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Д. Хаджиевтиң мәлимлемеси тыңланды.
Жоқарыда атап өтилген мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
Сессияның екинши бөлиминде «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының (жаңа редакцияда) жойбары ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турмановтың баянаты тыңланды. Баянатышының атап өткениндей, 6 бап 36 статьядан ибарат бул нызам физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиўди буннан былай да жетилистириўде үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады. Баянат бойынша Нөкис районы 51-санлы «Ақманғыт» сайлаў округинен депутат Х.Елмуратов шығып сөйледи.
Бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Буннан соң «Халықтың санитариялық-эпидемиологиялық қәўипсизлиги ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов баянат жасады. Баянат бойынша Республикалық санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайының бас шыпакери Б.Қутлымуратов шығып сөйледи.
Бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етилди.
Сессияда «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы жойбары ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды. Бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы С.Турманов шығып сөйлеп, Нызам жойбарында ҳәрекеттеги 19 нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў усыныс етилп атырғанлығын атап өтти. Буннан соң усы мәселе бойынша Әмиўдәрья районы 31-санлы «Орта қала» сайлаў округинен депутат М.Ахмедова шығып сөйледи.
Бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Сессияда, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўде ҳәрекеттеги нызам ҳүжжетлерине бойсынылыўы үстинен прокурорлық қадағалаўдың жағдайы ҳәм оны және де күшейтиў илажлары ҳаққындағы мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Р.Рахматовтың ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирхановтың есабатлары тыңланды. Бул мәселелер бойынша Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Кеңеси баслығының биринши орынбасары Т.Романов шығып сөйледи. Көрилген мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли қарарлар қабыл етилди.
Сондай-ақ, сессияда Жоқарғы Кеңес Президиумының сессиялар аралығындағы тийисли қарарлары тастыйықланды.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының комитет баслығы А.Саидов қатнасты ҳәм көрилген мәселелер бойынша шығып сөйлеп, пикир-усынысларын билдирди.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма екинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги