Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-декабрьдеги «Халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын түп-тийкарынан реформалаў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги шөлкемлестирилип, 2018-жыл 1-январьдан Исбилерменлик субъектлерине «бир айна» принципи бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң бирден-бир орайлары Өзбекстан Республикасы Президентиниң район (қала)лардағы Халық қабыллаўханалары жанында жумыс алып баратуғын Мәмлекетлик хызметлер орайларына айландырылған еди.
Оларға физикалық ҳәм юридикалық шахсларға «бир айна» принципи бойынша, соның ишинде, алыс орынларға шыққан ҳалда мәмлекетлик хызметлер көрсетиў, ведомстволараралық бирге ислесиўди, бәринен бурын, мәмлекетлик хызметлер көрсетиў ушын зәрүр ҳүжжетлер менен мәлимлемелерди оператив түрде алыўды тәмийинлейтуғын электрон бирге ислесиўди әмелге асырыў, мәмлекетлик хызметлер көрсетиўде физикалық ҳәм юридикалық шахсларға маманлық мәлимлеме ҳәм мәсләҳәт жәрдемлерин көрсетиў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар белгиленди.
Булардың бәри юридикалық тәреплерге ҳәм халыққа мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң сапасын арттырып, усы бағдардағы жумыслардың жыйнақлы, нәтийжели болыўына алып келмекте. Буны Төрткүл районы мысалында көриўимизге болады.
– Орайымыз тәрепинен усы жылдың 1-августине шекем бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, орайымыздан мәмлекетлик дизимнен өткенлер саны 1092, қайта дизимнен өткенлер саны 215 ге жетти. Ҳәзирги күнде Төрткүл районы мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен 53 түрдеги мәмлекетлик хызмет көрсетилмекте,-дейди Төрткүл районы мәмлекетлик хызметлер орайының баслығы А.Матчанов. – Физикалық ҳәм юридикалық шахсларға 5398 мәмлекетлик хызмет көрсетилди.
Сондай-ақ, орайымыздың хызметкерлери тәрепинен 195 көшпели тәртипте мәмлекетлик хызмет көрсетилди ҳәм 182 исбилерменлик субъектлери мәмлекетлик дизимнен өткерилди.
Буннан басқа районның барлық аймақларында мәмлекетлик хызметлердиң мақсет-ўазыйпалары, Өзбекстан Республикасы Конституциясы, Олий Мажлис палаталарының қарарлары, Президент пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлери, Министрлер Кабинетиниң қарарлары, бийликлери, Әдиллик министрлиги коллегиясының қарарлары бойынша түсиник жумыслары алып барылмақта.
Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.