Той ҳәм мәресимлер темасы додаланды

Той ҳәм мәресимлер менен байланыслы ысырапгершиликлер, дәбдебелик машқаласы кеше ямаса бүгин пайда болған жоқ. Бул машқала раўажланыўды сүйиўши бабамыз Маҳмудхожа Беҳбудийди де оғада ойландырған. Бул мәселе бүгин де жәмийетимизде жойтылғаны жоқ.
Бул әҳмийетли тема Бас министрдың орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамованың «Ҳаял-қызлар мәрипаты» жәмийетлик кеңесиниң ўәкиллери менен ушырасыўы ўақтында да ҳәр тәреплеме додаланды.
Себеби, артықша шығынға жол қойып, түрли, «үрп»лерге жол ашыўда, интакер болыўда тийкарынан ҳаял-қызлардың үлеси бар екенлиги ҳәммеге жақсы белгили.
– Бүгинги күнде той ҳәм мәресимлердеги артықша дәбдебепазлықлар мәҳәллелерде социаллық стратификацияланыўға алып киятырғаны, шаңарақларда тынышлық, саламат ҳәм турақлы қатнасықларға, перзентлердиң тәрбиясына унамсыз тәсир көрсетип атырғаны ҳеш кимге сыр емес, – деди Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова. – Тилекке қарсы, ысырапгершиликлер, артықша дәбдебепазлықлар, қудалар арасындағы саламат емес арзыў-ҳәўеслерге тийкарланған алды-берди келиспеўшиликлер шаңарақлық ажырасыўларға да себеп болып атырғанын турмыслық мысаллар көрсетип турыпты.
Сөйлесиў даўамында бул машқаланың барлық себеп ҳәм ақыбетлери ҳәр тәреплеме талланды. Пикир-усыныслар билдирилди.
Сөйлесиў даўамында төмендеги бағдарларда анық тийкарланған усыныслар ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, орынларда халық, әсиресе,ҳаял-қызлар арасында мазмуны жағынан бай, миллий қәдириятларымызға тийкарланған ықшам, ысырапгершиликлерсиз той ҳәм мәресимлер өткериўди үгит-нәсиятлаў, тойлар, мәресимлер ҳәм басқа шаңарақлық илажларды үнемли етип өткерип, бахытлы ҳәм абадан жасап атырған шаңарақларды үгит-нәсиятлаўды күшейтиў бүгин үлкен әҳмийетке ийе.
Ҳәр бир аймақтың өзине тәнлигинен келип шығып, усыныслар ислеп шығыў, мәҳәллелерде той ҳәм мәресимлерди үнемли, ысырапгершиликлерсиз өткериўде ҳаял-қызлар белсендилериниң «Ақыллы ҳаял-қызлар» ҳәрекети ағзалары, мәсләҳәтши ҳаял-қызлар, қыз айттырыўшылар, кейўанылар менен тығыз биргеликте ислесиўди шөлкемлестириў дәўир талабына айланғаны айрықша атап өтилди.
Орынларда ўатанласларымыз бенен тойдан алдын мәсләҳәтлесиў, салтанат ҳәм мәресимлерди ықшам өткериўдиң өзине, перзентлерине, жәмийетимизге пайдасы ҳаққында кең түсиниклер бериў, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм жасларда усы сыяқлы унамсыз жағдайларға кескин кейпиятын қәлиплестириў үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.
Н.Усмонова, ӨзА