Олий Мажлис Сенатының үшинши жалпы мәжилисин шақырыў бойынша қарар қабыл етилди

20-январь күни Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң мәжилиси болып өтти. Мәжилисти Сенат Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Онда Сенаттың үшинши жалпы мәжилисин 2025-жыл 23-январь күни шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Атап өтилгениндей, видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланған ҳалда өткерилетуғын жалпы мәжилисте бир қатар нызамларды додалаў нәзерде тутылған.
Атап айтқанда, «Инвестициялар ҳәм инвестиция жумысы ҳаққында»ғы, «Азық-аўқат қәўипсизлиги ҳаққында»ғы, «Микроқаржыландырыў жумысының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы ҳәм «Банклердеги аманатларды қорғаў кепилликлери ҳаққында»ғы нызамлар усылардың қатарына киреди.
Гезектеги жалпы мәжилисте «Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ҳәм «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар да додаланады.
Сондай-ақ, сенаторлар жанлы атқарыў көркем өнерин және де раўажландырыў, жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы системасын жетилистириў, шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин және де күшейтиў сондай-ақ, алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў системасын жетилистириўге қаратылған бир қатар нызамларды да көрип шығыўды режелестирмекте.
Буннан тысқары, «Экологиялық экспертиза, қоршаған орталыққа тәсирди баҳалаў ҳәм стратегиялық экологиялық баҳалаў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, Өзбекстан Республикасының «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен эколог» ҳүрметли атағын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ҳәм «Өзбекстан Республикасы пуқараларын, сырт ел пуқараларын ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларды жасаў орны ҳәм турған орны бойынша дизимнен өткериў ҳаққында»ғы нызамлар да жалпы мәжилис күн тәртибинен орын алған.
Соның менен бирге «Өзбекстан Республикасы менен Тәжикстан Республикасы арасында аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы Шәртнаманы (Душанбе, 2024-жыл 18-апрель) ратификациялаў ҳаққында»ғы, «Ыссыхана газлериниң шығарылыўын шеклеў ҳаққында»ғы нызамлар ҳәм Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылады.
ӨзА