1-13-август күнлери Өзбекстан көлеминде өткерилген тест сынақларының жуўмақлары менен байланыслы мағлыўматлар жәрияланды.
Усы мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында тест процесине келмей қалыў ямаса шетлетиў сыяқлы ҳәрекетлер басқа регионларға салыстырғанда аз болған.
Не ушын? деген орынлы сораў туўылыў мүмкин.
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының жоқары оқыў орынларында тест сынақларына пуқта таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мақсетинде 2018-жыл 14-22-май күнлери өткерилген профилактикалық илажлар табыслы өткерилгенлиги себепли усы аймақларда тест процеси ўақтында шетлетиўлер саны салыстырмалы түрде аз болған.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.