Өзбек Миллий академиялық драма театрында «Әзиз ҳәм жалғызымсаң жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында «Жас шаңарақлар ҳәм қызлар» атамасында республикалық конференция болып өтти.

Өзбекстан Республикасы ҳаял-қызлар комитети, Жаслар аўқамы, «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў ҳәм Халық билимлендириў министрликлери менен биргеликте шөлкемлестирилген конференцияда «Мен де жетекши боламан» атамасында жәмийетлик-сиясий турмыста белсенди ҳаяллар менен ашық пикирлесиў өткерилди. Сондай-ақ, «Ким неге уқыплы?»  рубрикасында исбилерменликке қызағытуғын шаңарақлардың ҳәм қызлардың бизнес реже презентациялары, «Илим келешек тийкары» сүрени астында «Шаңарағым китап оқыйды» акциялары шөлкемлестирилди.

14.jpg

Илажға 400 ге шамалас кәсип-өнер колледжи ҳәм исбилерменликке қызығыўшылығы болған белсенди, излениўшең қызлар қатарында Ташкент ўәлаятынан ҳәм Ташкент қаласынан келген ўақтынша жумыссыз қызлар да тартылды.

Илажда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Республикалық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Т.Норбоева қатнасты.

И.Аҳатова,

ӨзА ның хабаршысы