Пайтахтымызда Өзбекстан Илимлер академиясының академиклерине жаңа үлгидеги гүўалықлар тапсырылды.
Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирлген илажға министрликлер менен ведомстволардың, илим тараўының ўәкиллери, академиклер, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң жуўапкер адамлары қатнасты.
Президентимиздиң басшылығында 2018-жыл 20-июль күни Ядро физикасы академиясы ҳәм илимий-изертлеў институтларының ўәкиллери, илимпазлар, жас изертлеўшилер менен ушырасыў болып өткен еди. Сөйлесиўде академиклер гүўалығының жаңа үлгисин ислеп шығыў, академиклерди гүўалық пенен тийисли министрликлерге ҳәм ведомстволарға ҳеш қандай иркинишсиз кириўин тәмийинлеў бойынша билдирилген усыныслар толық қоллап-қуўатланды. Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына бола, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен академиклердиң жаңа үлгидеги гүўалығы ислеп шығылды.
Илажда Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов академиклердиң жаңа үлгидеги гүўалығын салтанатлы түрде тапсырды. Бул гүўалық академиклердиң елимизде илимди буннан былай да раўажландырыў, кадрлар потенциалын беккемлеў бағдарындағы умтылысларын қоллап-қуўатлаўда үлкен әҳмийетке ийе екенин айрықша атап өтти.
Усы жылдың өткен алты айында елимиздиң ҳәр қыйлы аймақларындағы билимлендириў мәкемелеринде академиклердиң қатнасыўында жаслар менен ушырасыўлар өткерилди. Жоқары оқыў орынларында профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер ушын шеберлик сабақлары шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, 23 докторлық диссертация қорғалды, 5 монография ҳәм 100 ден аслам илимий мақала, тезис басып шығарылды. Академиклер 36 мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламаға қатнаспақта.
Президентимиздиң 2017-жыл 29-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманы бул бағдарда әҳмийетли қолланба ўазыйпасын атқармақта. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Илимлер академиясының 91 ағзасы экономика тармақларында ҳәм социаллық тараўдың түрли тармақларында жумыс алып бармақта.
– Мәмлекетимиз тәрепинен Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 27 жыллық байрамы алдынан биз, тараў хызметкерлерине берилип атырған бундай итибар ҳәм имканиятлардан миннетдармыз, – дейди Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзасы А.Абдукаримов. – Жаңа үлгидеги гүўалықлар жумысымызды және де раўажландырыўға кең жол ашады. Көп жыллардан берли Геномика ҳәм биоинформатика орайында илимий жумыс пенен шуғылланбақтаман. Өткен ўақыт ишинде тараўда көплеген изертлеўлерди өткердик. Соның ишинде, картошканың зүрәәтли, ғаўашаның жаңа 10 нан аслам сортлары жаратылды. Ҳәзирги күнде де усы ислениўлеримизди даўам еттирген ҳалда шәкиртлерим менен шыпалы өсимликлерди инвитро жағдайында көбейтиў үстинде жумыс алып бармақтамыз.
Абдулазиз МУСАЕВ,
ӨзАның хабаршысы