Палестина қарсылық ҳәрекети – ХАМАС БМШ Бас Ассамблеясына палестиналы қашқынларға жәрдем бериў агентлиги (UNRWA) жумысын қоллап-қуўатлаўшы резолюцияны қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Египет баспасөзиниң хабарына бола, ХАМАС пийшемби күнги билдириўинде Израил ҳүкимети өз сиясаты ҳәм ҳәрекетлери  менен Ғаза секторындағы гуманитарлық апатшылықты ҳәм еки миллионнан артық палестиналықларды биле тура ашлықтан өлтириўде даўам етип атырғанын атап өткен.

Буннан тысқары, режим қорғаўшысыз тыныш халыққа гуманитарлық жәрдем жеткерилиўине тосқынлық етип атырғаны, БМШ ҳәм гуманитар шөлкем жумысшыларына қысым көрсетилип атырғаны, UNRWA хызметкерлери арасындағы шахитлер санының өзи 203 ке жеткенин билдирди.

Билдириўде халықаралық жәмийетшилик ҳәм БМШ сионистлик режиминиң гуманитарлық шөлкемлерге қарсы даўам етип атырған ҳүжимлерин тоқтатыў ҳәм соңғы резолюцияны әмелге асырыў ушын илажлар көрилип атырғаны атап өтилди.

Еслетип өтемиз, сәршемби күни БМШ Бас Ассамблеясы усы резолюцияны қабыллады, оған бола 158 мәмлекет UNRWAны қоллап-қуўатлайтуғынын тастыйықлаған.

Мусулман Зиё, ӨзА