Францияның Париж қаласында Өзбекстан таллаў орайларының делегациясы «Орайлық Азиядағы интеграция процесслериниң әҳмийетли мәселелери ҳәм Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы қарым-қатнасты кеңейтиў» темасындағы дөгерек сәўбетинде қатнасты. Сапар шеңберинде европалы бирге ислесиўшилер менен бир қатар ушырасыўлар өткерилди.
Илаж «Раўажланыў стратегиясы» орайы, Өзбекстан Республикасының Франциядағы елшиханасы ҳәм Европа раўажланыў ҳәм қәўипсизлик институты (IPSE) менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Дөгерек сәўбетинде Өзбекстан ҳәм Францияның жетекши таллаў орайларының ўәкиллери, дипломатлар, сиясатшылар ҳәм Европаның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринен 40қа шамалас халықаралық экспертлер қатнасты.
Сондай-ақ, халықаралық илажда Өзбекстан экспертлер жәмийетинен «Раўажланыў стртаегиясы» орайы, Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты, Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы, Орайлық Азия халықаралық институты ҳәм Сыртқы сиясий изертлеўлер орайының басшылары ҳәм жетекши аналитиклери баянат жасады.
Соның ишинде, Өзбекстан ҳәм Франция арасындағы қатнасықлардың ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары, сондай-ақ, «Өзбекстан-Европа Аўқамы» форматындағы бирге ислесиў ҳаққында мағлыўмат берип өтилди. Ҳәр қыйлы тараўлардағы өз-ара пайдалы байланысларды және де раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары менен байланыслы мәселелер жарытып берилди.
Ҳәзирги күнде Орайлық Азияда болып атырған регионаллық бирге ислесиў ҳәм интеграцияның раўажланыўы, атап айтқанда, регионаллық бирге ислесиў институтционалласыўының перспективалары ҳәм «Орайлық Азия плюс» форматындағы көп тәреплеме бирге ислесиў мәселелерине тоқтап өтилди.
Өз гезегинде Франция тәрепи Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларға үлкен қызығыўшылық билдирип, Европа Аўқамы ҳәм оған ағза мәмлекетлер ушын мәмлекетимиз бенен бирге ислесиўди және де жеделлестириў зәрүр екенлигин атап өтти, делинеди «Раўажланыў стратегиясы» орайының мағлыўматында.
Соның ишинде, Европа раўажланыў ҳәм қәўипсизлик институтының директоры Э.Дюпюи Өзбекстан Францияның Орайлық Азиядағы әҳмийетли шериги екенлигине ҳәм еки тәреплеме сиясий, экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў жедел раўажланып атырғанлығына итибар қаратты.
IPSE басшысының сөзлерине бола, Өзбекстанда соңғы жыллары унамлы өзгерислер бақланбақта, мәмлекет ашық ҳәм тең салмақлы сыртқы сиясат алып бармақта ҳәм Орайлық Азия регионында қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеўде әҳмийетли рол атқармақта.
Илаж соңында Франция ҳәм Европаның басқа мәмлекетлеринен келген сиясий ҳәм экономикалық топарлардың ўәкиллери Өзбекстанның жетекши таллаў орайлары ҳәм билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиўди және де раўажландырыўдан мәпдар екенлигин билдирди.
М.Ҳожиакбарова, ӨзА