Өзбекстан Миллий китапханасының жуўапкерлери Баку қаласында Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер Миллий китапхана директорлары мәжилисинде қатнаспақта.

Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлердиң абырайлы китапханалары басшылары арасында болып өткен мәжилисте тараўда халықаралық байланысларды беккемлеў, илимий-әмелий тәжирийбе алмасыў, оқыў мәдениятын және де раўажландырыў, китапханашылық тараўында тәжирийбе алмасыў, архив, фонд исин жүргизиў ҳәм виртуал оқытыў залларын инновациялық жүргизиў бағдарындағы пикир- усыныслар талланды.

Сондай-ақ, ТУРКСОЙ шөлкеми Бас хаткери Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Әзербайжан, Түркия, Венгрия халықларының миллий, ағартыўшылық, әдеп-икрамлылық қәдириятларын қәстерлеп сақлаў, биргеликтеги жойбарлары әмелге асырыў, түркий мәденият ҳәм мийрасты пүткил дүньяға үгит-нәсиятлаўда китапханалар арасындағы байланыслардың беккемлиги үлкен әҳмийетке ийе екенин айрықша атап өтти. Илаж даўамында Әлийшер Наўайы атындағы Миллий китапхана директоры Умида Тешабоева мәмлекетимизде китапханашылық бағдарында әмелге асырылған реформалар ҳәм имканиятларға тоқтап өтти.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА