2027-жыл 1-сентябрьге шекем «Өзбекзергерсанааты» ассоциациасына ағза болған зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшы исбилерменлер мүлк ҳәм жер салығынан азат етилиўи мүмкин.
Сондай-ақ, сырт елде ислеп шығарылған баҳалы металлардан ҳәм баҳалы таслардан исленген зергерлик ҳәм басқа буйымларды бажхана төлемлери төленгенин тастыйықлаўшы ҳүжжетлерсиз сатыўға қойыў ҳәм усақлап сатыўда реализациялаўға шек қойылыўы күтилмекте.
Бул ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде көрип шығылған зергерлик санаатын және де раўажландырыўға қаратылған нызам жойбарын додалаў даўамында айтып өтилди.
Атап өтилгениндей, нызам жойбарында айырым нызам ҳүжжетлерине зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшылардың баҳалы металларға болған талабын қанаатландырыў, олардың раўажланыўы ушын қолайлы бизнес орталығын жаратыў ҳәм нызамшылықта болған бюрократиялық тосқынлықларды либералластырыўға қаратылған бир қатар өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў усыныс етилмекте.
Атап айтқанда, аффинаж кәрханаларына (қурамында баҳалы металл ҳәм таслар болған шийки зат пенен ислесиў жумысын лицензия тийкарында әмелге асырыўшы кәрханалар) баҳалы металларды зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшылар ушын қолайлы түр ҳәм муғдарларға келтирген ҳалда сатыў баҳалы металлардан сувенир теңгелер таярлаў ҳәм реализациялаў ҳуқықын бериў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшыларға да өзлери жасаған зергерлик буйымларының шийки өнимлерин басқа ислеп шығарыўшыларға реализациялаў ҳуқықы берилмекте. Буннан тысқары, юридикалық ҳәм физикалық тәреплерден баҳалы металларды ҳәм зергерлик буйымларын сатып алыў ислери ўәкиллик уйымды хабардар етиў тәртибинде әмелге асырылыўы белгиленбекте.
ӨзА