Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги делегациясы Италияға барды.

Өзбекстан Ишки ислер министри Пўлат Бобожонов Италия Ишки ислер министри Маттео Пьянтедози менен еки тәреплеме ушырасыў өткерди.

Бул илаж Өзбектан Республикасы Президентиниң Италия Республикасына рәсмий сапарында қол қойылған «Жол картасы»ның орынланыўы бойынша Италия тәрепиниң мирәт етиўине бола әмелге асырылды.

Ушырасыўда тәреплер 2023-жыл июнь айында Рим қаласында қол қойылған Өзбекстан ҳәм Италия ҳүкиметлери арасында ишки ислер тараўында бирге ислесиў ҳаққында Келисим орынланыўына итибар қаратты.

Тәреплер терроризм, нәшебентлик затларының нызамсыз саўдасы ҳәм басқа түрдеги трансмиллий жынаятларға қарсы гүресиў ҳәм жәмийет қәўипсизлиги бойынша бирге ислесиўди раўажландырыў, тәртип-қағыйда ҳәм санлы технологияларды тараўға енгизиўге уйымлараралық муўапықластырыў механизмин жаратыў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыў, көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша мәселелерди додалады.

Дослық ҳәм конструктив руўхта өткен ушырасыўда өз-ара бирге ислесиўди перспективалы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Сапар процессинде делегация ағзалары Италия Мәмлекетлик полициясы ҳәм Миллий полиция Академиясы жумысы менен жақыннан танысты.