Бүгин Олий Мажлис Нызамшылық палатасына Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының мәжилиси болып өтти. Онда «Адолат» СДП ҳәм Экологиялық партияның Нызамшылық палатасындағы фракцияларының ағзалары тәрепинен ислеп шығылған «Халықтың мәдений дем алыў орайларының қорғалыўының күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар менен өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.
Усы нызам жойбары менен мәдений дем алыў орайлары, олардың жерлерин ҳәм усы жерлердеги имарат-объектлерин ийелигинен шығарыў, мәдений дем алыў орайлары аймағын қысқартыў, оларда имарат-объект қурыў (жеңил түрдеги объектлер буған кирмейди) ямаса бар имарат-объектлердиң қурылыс асты майданын кеңейтиў қадаған етилмекте.
Соның менен бирге, «ботаника бағлары» қорғалатуғын тәбийғый аймақлар дизимине киргизилмекте. «Ботаника бағлары» ҳәм олардың жерлерин де ийеликтен шығарыў, олардың аймағында имарат-объектлер қурыў ямаса қурылыс асты майданларын кеңейтиў қадаған етилмекте.
Қызғын додалаў ҳәм пикир-усыныслардан соң нызам жойбары мақулланды.
Мәжилисте сондай-ақ, «2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды. Атап өтилгениндей, жойбарда 2025-жылы санитар тазалаў жумысларын шөлкемлестириў ҳәм халық пунктлеринде тазалықты тәмийинлеў ушын 150 миллиард сумнан аслам, «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары менен байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў ушын 100 миллиард сум, шөл, таўлы ҳәм таўалды аймақларда шөллениў ҳәм қум көшиўи, топырақтың суў ҳәм самал эрозиясының алдын алыў ҳәм экологиялық орталықты жақсылаў мақсетинде қорғаў тоғайларын (жаратыў) қурыў ушын 80 миллиард сум ажыратыў белгиленбекте.
Мәжилисте депутатлар Президентимиздиң 2023-жыл 31-майдағы пәрманына бола, «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары ушын 2025-жылы 528 миллиард сум ажыратыў нәзерде тутылғаны, бирақ бюджет жойбарында белгиленген муғдарға салыстырғанда 19 процентке қаржыландырыў режелестирилгени менен қызығып, бул бойынша жуўапкерлерден түсиник сорады. Көтерилген усы сораўға қәнигелер тәрепинен толық мағлыўматлар берилди.
М.Комилова, ӨзА