25-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы усы жылдың 26-октябрьде Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Мәлимлеме сиясаты департаментиниң алдыңғы басшысы Комил Алламжоновқа тийисли жүз берген қастыянлық етиў менен байланыслы жынаят исине байланыслы қосымша шахслар қолға алынғанын мәлим етти.

«Өзкерилген тергеў  ҳәм оператив излеў илажлары даўамында бул жынаятты ислеўге қатнасы болған жәми 7 шахс анықланып, 5 не қамаққа алыў шарасы қолланылды, сондай-ақ 2 не излеў жәрияланған еди,» делинеди хабарда.

Излеўде болған айыпланыўшы К.С.ның Қазақстан Республикасында жасырынған мәнзили анықланып, оның қатнасыўында тергеў ҳәрекетлери алып барылған.

Сондай-ақ, излеўде болған айыпланыўшы Жавлон Юнусов Қубла Корея Республикасында қолға алынып, Өзбекстанға экстрадиция етилген.

Өзбекстандағы ҳуқықты қорғаў уйымларының бир қатар жуўапкер шахслары, соның ишинде, Өзбекстан Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң алдыңғы баслығы да лаўазымнан босатылды. ӨзА дерегине бола, усы отставкалар Комил Алламжоновқа қастыянлық етиўге байланыслы жумыс шеңберинде әмелге асырылғанын еслетип өтемиз.

ӨзА