Өзбекстан Республикасы Президенти «Исбилерменлер ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына қол қойды.
Оған муўапық, 2025-жыл 1- январьдан баслап физикалық шахслар тәрепинен исбилерменлик жумысын жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында мәмлекетлик дизимнен өтпестен әмелге асырғанлығы ушын қаржылай жәрийма бийкар етиледи.
2025-жыл 1-январьдан баслап төмендегилер ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик бийкар етиледи:
фискал белгилерди көрсетиў тәртибин бузыў;
нызамшылықта мәжбүрий санлы маркировкаланыўы белгиленген товарларды (өнимлерди) ислеп шығарыўшылар ҳәм импорт етиўшилер тәрепинен идентификация қураллары арқалы мәжбүрий санлы маркировкалаў қағыйдаларын бузыў;
хызметлер санын жасырыў.
2025-жыл 1-марттан баслап судта жумыс алып барыў тәреплер келисим дүзгенлиги себепли тамамланғанда, исбилерменлик субъектлери ҳәм пуқараларға мәмлекетлик бажын төмендеги муғдарларда қайтарып бериў тәртиби енгизиледи:
Биринши инстанция судында-төленген мәмлекетлик бажының 70 проценти;
Апелляция ҳәм кассация тәртибинде берилген шағымлар бойынша судта –төленген мәмлекетлик бажының 30 проценти.
2025-жыл 1-январьдан баслап:
исбилерменлик субъектлери жумысында өткерилетуғын барлық тексериўлер «Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў» мәлимлеме системасында дизимге алыў арқалы Бизнес-омбудсманды хабардар етиў тәртибинде әмелге асырылады.
Исбилерменлик субъектлери жумысында «Қәўипти таллаў» электрон системасы нәтийжелери тийкарында профилактика илажлары ҳәм тексериўлерди өткериў төмендеги тәртипте әмелге асырылады:
қәўип дәрежеси төмен болған исбилерменлик субъектлери жумысында қадағалаўшы уйымлар тәрепинен тексериўлер өткерилмейди;
қәўип дәрежеси орта ҳәм жоқары болған исбилерменлик субъектлери жүзеге келиўи мүмкин болған қәўиплердиң алдын алыўға қаратылған профилактика илажлары өткериледи яки тексериў өткерилиўи мүмкин;
анық факт ҳәм жағдайлар бойынша пуқаралардың өмири ҳәм саламатлығына, жәмийетлик қәўипсизлик, қоршаған-орталыққа, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ҳәм мәмлекетлик мәплерине зыян жеткериў қәўипиниң алдын алыў яки сапластырыўға қаратылған тексериўлер «Қәўипти таллаў » электрон системасы нәтийжелерине қарамастан өткерилиўи мүмкин;
салық ҳәм бажхана уйымлары тәрепинен «Қәўипти таллаў» электрон системасы Салық ҳәм Бажхана кодекслерине муўапық жүргизиледи;
профилактика илажлары шеңберинде әмелдеги профилактика түрлерине қосымша түрде Бизнес – омбудсман ҳәм қадағалаўшы уйымлар тәрепинен тастыйықланған үлгидеги чеклист толтырылыўы профилактика илажлары шеңберинде әмелдеги профилактика түрлерине қосымша түрде Бизнес – омбудсман ҳәм қадағалаўшы уйымлар тәрепинен тастыйықланған үлгидеги чеклист толтырылыўы нәтийжелери бойынша исбилерменлик субъектлери жумысында нызам бузылыўларға алып келиўи мүмкин болған кемшиликлерди сапластырыўға жәрдемлеседи.
ӨзА