Камбоджада «Тынышлық ҳәм келисимге қарай» темасында Азия сиясий партиялары халықаралық конференциясының (ICAPP) 12-Бас ассамблеясы болып өтти. Онда мәмлекетимиздеги сиясий партиялар ўәкиллери де қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Әнжуманда 42 мәмлекеттен 57 сиясий партия ҳәм 200ден артық делегатлар қатнасты. Бул илажды өткериўден гөзленген тийкарғы мақсет Азия сиясий партиялары арасында қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыў, регионаллық ҳәм глобал машқалаларға шешим табыўдан ибарат екенин атап өтиў керек. Сондай-ақ, ICAPPтың турақлы ҳәм абадан Азия жәмийетшилигине байланыслы көзқарасларын алға қойыў, сиясий партиялардың тәжирийбе алмасыўын күшейтиў арқалы регион халықлары арасында өз-ара аўызбиршиликти раўажландырыў болып табылады.

Әнжуман шеңберинде регионаллық қәўипсизлик, экономикалық бирге ислесиў ҳәм мәдений алмасыў сыяқлы бир қатар темаларда дөгерек сәўбетлери ҳәм семинарлар болып өтти.

Илажда партияларымыз ўәкиллери шығып сөйлеп, өзиниң бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпалары, Сайлаўалды бағдарламаларындағы тийкарғы бағдарларға тоқталды.

Мағлыўмат ушын, ICAPP 370 тен артық сиясий партияларды бирлестириўши абырайлы халықаралық шөлкем сыпатында әҳмийетли регионаллық ҳәм глобал мәселелер додалаўы ушын әҳмийетли платформа болып есапланады. Оның илажлары Азия менен шекленип қалмай, Африка, Европа ҳәм Латын Америкасы мәмлекетлери сиясий партиялары ўәкиллерин де қамтып алады.

М.Комилова, ӨзА