Әжинияз Қосыбай улы туўылған күниниң 200 жыллығы мүнәсибети менен мәмлекетимиз бойлап әдебий анжуманлар, естелик кешелери, дөгерек сәўбетлери, көргизбелер, жаңа көркем фильм премьерасы болып өтпекте.

Президентимиздиң 2024-жыл 16-июльдеги «Атақлы қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылған күниниң 200 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарары уллы шайырдың дөретиўшилигин үйрениўде айрықша әҳмийетке ийе.

Усы ҳүжжеттиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде  Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театрында Әжинияз Қосыбай улы туўылғанының 200 жыллығы мүнәсибети менен салтанатлы әдебий-көркем еслеў кешеси болып өтти.

Атақлы қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз  Қосыбай улы өзиниң айрықша ҳәм мазмунлы дөретиўшилиги менен халқымыз мәденияты ҳәм әдебиятын раўажландырыў, жас әўладты ўатансүйиўшилик ҳәм жақсы идеялар руўхында тәрбиялаў, өзбек ҳәм қарақалпақ халықлары арасындағы әзелий дослық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўге мүнәсип үлес қосқан үлкен дөретиўши болып есапланады.

Хийўадағы белгили Шерғазыхан ҳәм Қутлымурат инақ медреселеринде билим алған бул уллы  тулға тек мәмлекетиммизде емес, ал пүткил регионымызда халықшыл шайыр, жетик муғаллим ҳәм устаз, шебер каллиграф сыпатында даңққа ерискен. Оның гөззал шығармалары түркмен, қазақ, қырғыз ҳәм басқа туўысқан халықлар тәрепинен де   сүйип оқылмақта.

Әжинияз Қосыбай улы туўылған күниниң 200 жыллығын белглилеў ЮНЕСКОның  халықаралық юбилейлер режесине киргизилгени да оның  дөретиўшилик мийрасы улыўмаинсаныйлық әҳмийетке ийе екенин аңлатады.

Пайтахтымыздағы  «Миллий кино көркем өнери сарайы»нда атақлы қарақалпақ шайырының өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған фильм премьерасы да өткерилди.

Фильмде Әжинияздың мазмунлы өмири, миллий поэзиямызды байытыўдағы үлеси, оның адамгершилик ҳәм ўатансүйиўшилик руўхындағы шығармалары көрсетилген.

Усы фильм шайырдың халық арасында қаншелли итибарға ҳәм ҳүрметке ийе болғанын  және бир мәрте дәлиллейди. Фильм шайыр турмысының әҳмийетли ўақыялары менен бирге, қарақалпақ халқының бай мәдений ҳәм тарийхый мийрасын өзинде көрсететуғын ўақыяларды да ашып береди.

Фильмди сүўретке алыў процесинде қарақалпақ халқының бай фольклорына, дәстүрлери менен үрп-әдетлерине  айрықша итибар қаратылғаны атап өтилди.

Илажда фильм дөретиўшилери – режиссёр, сценарий авторлары ҳәм сүўретке алыў топары дөретиўшилик процесс ҳаққында толық айтып өтти.

Атақлы қарақалпақ шайырының дөретиўшилик, жолына бағышланған әдебий-ағартыўшылық илажлар, әнжуманлар, музыкалық кешелер мәмлекетимиз бойлап даўам етпекте.

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы