Ташкентте Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азия регионында репродуктивлик саламатлықты үгит-нәсиятлаў ҳәм бул бағдардағы сапалы тәбийғый-гигиеналық қуралларды мәмлекетлик сатып алыўда қолланыў бойынша потенциалды арттырыўға бағышланған семинар шөлкемлестирилди.

Илажда мәмлекетимиздиң халқы, әсиресе, аналар ҳәм балалардың саламатлығын беккемлеў, саламат шаңарақ, саламат орталықты қәлиплестириў,  пуқаралар арасында медициналық саўатлылықты арттырыў турақлы итибарда екени атап өтилди. Соның ишинде, БМШ халықтаныў қоры – ЮНФПА жәрдеминде ҳаял-қызлардың саламатлығын сақлаў мақсетинде медициналық ҳәм репродуктивлик саламатлық бойынша ҳаял-қызлар арасында үгит-нәсиятлаў жумыслары жедел алып барылмақта.

ЮНФПА Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Шаңарақты режелестириў бағдарламасы шеңбериндеги тийкарғы бирге ислесиўшилеринен бири есапланады. Қор Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азияға гигиеналық қураллар жеткерип беретуғын тийкарғы дәреклерден бири болып есапланады. Ҳәзирги ўақытқа шекем биргеликтеги бағдарлама шеңберинде 4 миллион доллар қунға ийе 6,5 миллионнан аслам ҳәмиледарлықтан сақлайтуғын гигиеналық қурал сатып алынған.

Атап өтилгениндей, шаңарақты режелестириў тек ғана ана ҳәм бала өлимин азайтып, ерте ҳәм жас ҳәмиледарлықтың алдын алып қоймастан, ал ҳаял-қызлардың экономикадағы  орнын ҳәм имканиятын кеңейтиўде үлкен әҳмийетке ийе.

– Мақсетимиз – ҳәр бир шахстың репродуктивлик денсаўлық тараўында сапалы  хызметтен пайдаланыўын тәмийинлеў ҳәм саналы қарар қабыл етиў ушын шараят жаратыў, – дейди ЮНФПАның мәмлекетимиздеги турақлы ўәкили доктор Нигина Абасзаде. – Шаңарақты  режелестириў бағдарламасына жумсалған  ҳәр бир доллар 2030-жылға келип мәмлекеттиң экономикасына 8,4 доллар қайтарылатуғынын тәмийинлейди. Яғный, саналы түрде шаңарақты режелестириў арқалы 1 миллион ҳаял-қыздың өлими, 6 миллион ҳәмилениң  өлим жағдайы ҳәм 4 миллион жаңа туўылған өлим жағдайының алды алыныўы мүмкин.

Семинарда ЮНФПА  ҳәм  Денсаўлықты сақлаў министрлиги арасындағы бирге ислесиў шеңбериндеги жаңа бағдарламалар, басламалар ҳаққында мағлыўмат берилди. Халықтың турмыс сапасын жақсылаў ҳәм мәмлекетте репродуктивлик денсаўлықты беккемлеўге  бағдарланатуғын биргеликтеги жойбарларға  айрықша  тоқтап өтилди.

Гўзал  Сатторова, Рустам Назарматов (сүўрет), ӨзА