11-16-ноябрь күнлери Татарстан пайтахты Қазан қаласында белбеўли гүрес бойынша ересеклер, жаслар ҳәм жас өспиримлер арасында жәҳән чемпионаты болып өтти.

Чемпионатқа дүньяның 30 дан аслам мәмлекетинен ең күшли спортшылары қатарында Өзбекстан сайланды командасы да қатнасып, жарыс соңында ересек палўанларымыз 4 алтын, 3 гүмис ҳәм 5 қола медалы менен улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеўге миясар болды.

Сондай-ақ, U17 жастағы сайланды командамыз ағзалары да 10 алтын, 4 гүмис ҳәм 11 қола медальллары менен биринши орынды ийелеўге еристи.

Соның менен бирге, U 20 жас категориясындағы жаслар да чемпионатта 6 алтын, 4 гүмис ҳәм 10 қола медалын жеңип алды ҳәм бул командамыз да биринши орынға ылайық деп табылды.

Қуўанышлы тәрепи сонда, қарақалпақстанлы спортшылар да белсендилик көрсетти ҳәм 48 кг салмақта Мөлдир Әлимбаева менен 66 кг да  Севара Шаженовалар жәҳән чемпионы атағына миясар болды.



Ал, 63 кг салмақта қатнасқан палўанымыз Жасмина Оралбаеваға гүмис ҳәм 76 кг салмақтағы спортшымыз Ләззет Төлепбергеноваға қола медалы несип етти.

Жеңимпаз спортшыларымызды бул жарысқа тренерлерден Бөкенбай Садўақасов, Кайнарбек ҳәм Қайрат Сариевлер таярлады.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы