Президент Шавкат Мирзиёев 18-ноябрь күни Әндижан ӯәлаятын социаллық-экономикалық раӯажландырыӯ, инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығын және де жақсылаӯ илажлары бойынша мәжилис өткерди.
Әндижан ӯәлаятыныӊ экономикалық потенциалы жоқары. Мәмлекетимиз басшысыныӊ быйылғы жыл февраль айындағы сапары ҳәм онда белгиленген ӯазыйпалар аймақтыӊ раӯажланыӯына қосымша түртки болды. Санаат, исбилерменлик, саӯда, хъызмет көрсетиӯ, туризм ҳәм аӯыл хожалығы тараӯларында жақсы нәтийжелерге ерисилди.
Соныӊ менен бирге, еле имканиятлар көп. Районларда алып барылған үйрениӯлер даӯамында бир қатар усыныслар анықланған.
Мәселен, Алтынкөл ҳәм Жалақудықтағы 600 гектарда қытайлы инвесторлар тамшылатып суӯғарыӯ арқалы бурыш жетистирип, қайта ислеӯ жойбарын баслаған. Бул арқалы гектарынан 15 мыӊ долларлық өним экспорт етиӯ есап-санақ етилген.
Пахтаабад районында Бирлескен Араб Әмирлиги компаниясы менен биргеликте 470 гектарда шийе ҳәм жемисли мийӯелер жетистириӯ жолға қойылған. Исбилерменлер инвестиция миннетлемесин өз ӯақтында орынлап атырғаны ушын мәмлекеттен инфраструктура ислеп бериӯди сораған.
Ӯәлаяттағы 4 қусшылық кәрханасыныӊ жумысын тиклеп, мүтәж шаӊарақлардағы 650 адамды жумысқа алыӯ имканияты анықланған.
Асакадағы «АДМ электрикс» кәрханасы автомобильлер ушын 28 түрдеги сым өткергищ ҳәм мультьмедиа системаларын ислеп шығарады. «Оникс», «Трекер», «Киа сонет» сыяқлы модельлерде оптималластырыӯ кеӊейтилсе, кәрхананыӊ қуӯатлылығы ҳәм дәраматы артады.
Мәжилисте Әндижан ӯәлаятыныӊ ҳәкими усы сыяқлы имканиятларнды иске қосыӯ бойынша қарар жойбарын презентация исследи. Онда 2025-жылы Әндижан ӯәлаятын социаллық-экономикалық раӯажландырыӯ бойынша мақсетли көрсеткишлер нәзерде тутылған. Соныӊ ишинде, 3 миллиард 100 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестиция өзлестириӯ, 334 инвестиция жойбарын әмелге асырыӯ, 305 мыӊ халық бәнтлигин тәмийинлеӯ ҳәм 1 миллиард АҚШ доллары муғдарында экспорт етиӯ ӯазыйпасы белгиленген.
Сондай-ақ ӯәлаятта халықтыӊ тығызлығы инабатқа алынып, жер мәселесинде имканиятлар жаратылады. Аӯыл хожалығында пайдаланылмай атырған майданлар, соныӊ ишинде, партаў жерлерден улыӯма 1 мыӊ 800 гектар жердиӊ категориясы өзгертириледи. Ол жерлерде ислеп шығарыӯ ҳәм хызмет көрсетиӯ комплекслери, турақ-жайлар қурылады.
Мәмлекетимиз басшысы усынысларды мақуллап, жаӊа имканиятлардан нәтийжели пайдаланыӯ, жойбарларды заманагөй инфраструктура менен тәмийинлеӯ, халықтыӊ бәнтлигин ҳәм дәраматларын арттырыӯ бойынша қосымша көрсетпелер берди.
ӨзА