БМШтың Климат өзгериўи бойынша конференциясы шеңберинде Өзбектсан павильонында Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми (ЭБШ)ниң экологиялық машқалалар бойынша жумысшы топары мәжилиси болып өтти.

Илажда ЭБШ Бас хаткери Асад M.Xon, Өзбекстан экология, қоршаған-орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министриниң орынбасары Обиджон Қудратов, ЭБШге ағза мәмлекетлер ўәкиллери қатнасты.

Сөйлесиў процесинде ЭБШ мәмлекетлериниң қоршаған орталықтың жағдайы ҳаққындағы темалар усынылды ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў бойынша кейинги қәдемлер талқыланды.

-Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми регионында дүньядағы сийрек ушырасатуғын экосистемалар, сондай-ақ, суў ҳәм биологиялық көп түрлиликтиң ең үлкен резервлери жайласқан, – дейди. О.Қудратов. – Бирақ бул қоршаған орталықтың әззилиги болған регион болып есапланады.Қурғақшылық ҳәм суў тасқыны сыяқлы экстремал ҳаўа-райы қубылыслары қоршаған орталықты қорғаў ҳәм турақлы келешекти тәмийинлеў ушын биргеликте ҳәрекет етиўимиз керек екенлигин аңлатады.Өзбекстан турақлы экология мәселелеринде бирге ислесиў тәрепдары болып келген. Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми сөйлесиў ҳәм бирге ислесиў платформасы сыпатында өзиниң қәдир-қымбатын қашаннан берли тастыйықлап болған. Бирақ ол бүгинги күнниң артып баратырған экологиялық машқалаларын шешиў ушын да раўажланыўы керек.

Сөйлесиўлер ўақтында қайта тикленетуғын энергия дереклерин раўажландырыў, қурғақшылыққа қарсы гүресиў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм биологиялық көп түрлиликти асыраў сыяқлы биргеликтеги экологиялық жойбарларды әмелге асырыўға қаратылған анық басламалар алға қойылды.

Алдыңғы тәжирийбе ҳәм технологиялар алмасыў, сондай-ақ, климат өзгериўи тараўындағы илимий изертлеўлерди күшейтиў керек екенлигине айрықша итибар қаратылды. Ағза мәмлекетлер ўәкиллери экологиялық машқалаларға және де нәтийжели қарсы турыў ушын ЭБШ механизмлери арқалы ҳәрекетлерди муўапықластырыўды күшейтиў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

ӨзА