Россия сыртқы ислер министриниң орынбасары Александр Панкин Азия-Тыныш океаны экономикалық бирге ислесиў шөлкеми (АТЭБШ) экономика министрлери биргеликтеги мәжилисинде Таиланд, Индонезия ҳәм Малайзия да БРИКС шериклери қатарынан орын алғанын мәлим етти. Бул хабар РФ ТИМ сайтында жәрияланған.
– Қазанда болып өткен БРИКС саммити көпшиликтиң әдалатлы дүнья тынышлығын орнатыў, глобал институтларды реформалаў ҳәм тең экономикалық байланыслар орнатыў қәлеўин белгиледи, – деген ол. – Саўда, қаржы, жасалма интеллект, энергетика ҳәм климат, логистика тараўларында нәтийжели келисимлерге ерисилди. Енди АТЭБШ мәмлекетлери – Индонезия, Малайзия, Таиланд та ассоциация шериклери болып есапланады.
Анализлерге көре, Азия-Тыныш океаны регионы мәмлекетлериниң Россия сыртқы саўдасындағы үлеси әллеқашан 70 процентке жеткен.
– Есап-китаптың, дерлик, 90 проценти миллий валютада әмелге асырылады, – деп қосымша еткен Панкин өз сөзинде. – Энергия қәўипсизлиги заманагөй раўажланыў гиреўи. Биз регионды энергия ресурслары менен үзликсиз тәмийинлеймиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги