Самарқанд қаласында Өзбекстан ҳәм Түркия арасында мәденият тараўындағы қоспа комиссияның биринши мәжилиси болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы мәденият министриниң орынбасары Мураджан Мажидов басшылығындағы тараў жуўапкерлери ҳәм Түркия Республикасы мәденият ҳәм туризм министриниң орынбасары Батухан Мумку басшылығындағы делегация ағзалары қатнасты.

Мәжилисте кино, театр ҳәм цирк, дөретиўшилик ҳәм әмелий көркем өнер, мәдений мийрас ҳәм музейтаныўшылық, мәдений раўажланыўды алға қойыў, материаллық ҳәм материаллық емес мәдений мийрас объектлерин қәстерлеп-сақлаў ушын заманагөй технологияларды, соның ишинде, жасалма интеллектти интеграциялаў тараўында бирге ислесиў, халықаралық шөлкемлер шеңберинде бир-бириниң мәденият тараўында усыныс етилип атырған басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм тәжирийбе алмасыў бойынша бирге ислесиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

– 2018-жылы Түркия Республикасы Президентиниң Өзбекстанға сапары ўақтында қол қойылған мәдений байланысларды раўажландырыў келисими өткен дәўир даўамында еки мәмлекет арасында бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шықты,-дейди Түркия Республикасы мәденият ҳәм туризм министриниң орынбасары Батухан Мумку. –Бүгинги мәжилисте де еки мәмлекетте мәденият ҳәм миллий кино күнлери, театр ҳәптеликлерин шөлкемлестириў, биргеликте фильм ҳәм саҳна шығармалары жаратыў ҳәм ЮНЕСКО, АЙСЕСКО, ТҮРКСАЙ ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер менен биргеликте мәдений басламаларды үгит-нәсиятлаў бағдарында келисимге еристик. Бул жумыслар еки мәмлекеттиң мәдений-гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиўине үлкен түртки береди деп ойлаймыз.

Мәжилис жуўмағында еки мәмлекеттиң мәденият тараўындағы қоспа комиссиясы келисим актине қол қойылып, Өзбекстан ҳәм Түркия тараўында мәденият тараўында II қоспа комиссия мәжилисин 2025-жылы Түркияда өткериўге келисип алынды.

Ғ.Ҳасанов, А.Исроилов (сүўрет),

ӨзАның хабаршылары