Бул ҳаққында Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң баспасөз хызмети мәлим етти.
Атап өтилиўинше, 2025-жыл ушын стажёр-изертлеўшилик, таяныш докторантура ҳәм докторантураға ҳүжжет қабыллаў мүддетлери быйыл 10-ноябрьге шекем, кириў имтиханларын шөлкемлестириў болса 30-ноябрьге шекем создырылды.
Ҳүжжетлерди daraja.ilmiy.uz сайты ҳәм my.gov.uz арқалы тапсырыў имканияты бар.
Жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў – жәмийеттиң жоқары қәнигели илимий ҳәм илимий-педагог кадрларға талабын тәмийинлеўге бағдарланған үзликсиз билимлендириў түри болып есапланады.
Докторантурада оқыўшы шахсларға илим кандидаты ямаса философия докторы (PhD) илимий дәрежесине ямаса сырт еллердиң оған теңлестирилген басқа да илимий дәрежелерине ямаса илимий атаққа ийе болған жетекши илимий хызметкер лаўазымы мийнет ҳақысының базалық муғдарында стипендия төленеди.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА