Транспорт министрлиги жанындағы Транспорт ҳәм логистиканы раўажландырыў машқалаларын үйрениў орайының директоры Б.Холматов ҳәм Түркменстанның «Түркменавтоулаглары» агентлиги баслығының орынбасары В.Хожанепесов басшылығында ушырасыў болып өтти.

Тәреплер Өзбекстан миллий жүк тасыўшыларының Түркменстан аймағы арқалы тасыўларды әмелге асырыўда пайда болып атырған машқалалар ҳәм олардың шешими бойынша усынысларды додалады, делинеди Транспорт министрлигиниң мағлыўматында.

Ушырасыў соңында еки мәмлекет арасында өндирилген жыйым ҳәм төлемлерди 2025-жылдан баслап паритет тийкарында белгилеў, Түркменстан аймағы арқалы тасыўларда пайда болатуғын машқалаларды оперативлик пенен шешиў мақсетинде  уйымлараралық Жумысшы топар дүзиўге келисилди.

Сондай-ақ, еки мәмлекет арасында руқсатнама бланкаларын электрон алмасыў «E-Permit» системасын енгизиўге келисип алынды.

А.Рустамов, ӨзА