Өзбекстан ҳәм Монголия мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары ҳәм биргеликтеги ис-ҳәрекетлери себепли соңғы жыллары еки мәмлекет арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиў қатнасықлары жаңа басқышқа көтерилди.
Бул Сенатта шөлкемлестирилген Монголия делегациясы менен ушырасыўда атап өтилди.
«Монголия-Өзбекстан» парламентлераралық дослық топары баслығы Сухбаатар Эрдэнэбат пенен өз-ара бирге ислесиўди жеделлестириў ҳәм және де беккемлеў мәселелери додаланды.
С.Эрдэнэбат Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм аймақлық ўәкилликли уйымларға сайлаўлар жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин атап өтти. Сайлаў процесиниң барлық басқышлары ашық-айдын ҳәм қалыс өткенин, халықаралық демократиялық стандатларға муўапық болғаны, жаңаланған Конституция тийкарында толық жаңа жәмийетлик-сиясий орталықта өткерилгени атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында еки мәмлекет парламентлери арасындағы байланысларды кеңейтиў, «Монголия-Өзбекстан» парламентлераралық топары шеңбериндеги бирге ислесиўди жеделлестириў, сондай-ақ, кең көлемли бирге ислесиў ушын анық илажлар режесин ислеп шығыў ҳаққында келисимге ерисилди.
Н.Абдураимова, ӨзА