«Буғаз» басылымында 28-октябрь күни Орайлық сайлаў комиссиясы Баспасөз орайында ОСК баслығы Зайниддин Низомхўжаевтың қатнасыўында сайлаў жуўмағының дәслепки нәтийжелери бойынша брифинг болып өткени, нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли кеңеслер депутатлары сайлаўының дәслепки нәтийжелериниң жәрияланғаны сәўлелендирилди.

Мақалада парламентте ең көп орынды Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының қолға киргизгени, «Миллий тикланиш» партиясы екинши орын алғаны жазылған. Сондай-ақ, сайлаўшылардың қатнасы, партиялар ҳәм депутатлар колға киргизген даўыслар менен байланыслы процент ҳәм санларда келтирилген статистика мағлыўматларына да кеңнен орын берилген.

Муҳарамма Пирматова, ӨзА