Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы миссиясының ўәкиллери тәрепинен Өзбекстанда болып өткен парламентлик сайлаўдың дәслепки нәтийжелерине бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.

Миссия ўәкиллери усы әҳмийетли сиясий илаж даўамында инклюзивликти тәмийинлеў бойынша үлкен ҳәрекетлер алып барылғанын атап өтти. Атап айтқанда, Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен депутатлыққа талабанлар, имканияты шекленген сайлаўшылар ушын барлық шараят жаратылғаны айрықша атап өтилди.

Сайлаў ҳуқықына ийе 832 мың майып пуқарадан 105 мыңы даўыс бериў ушын қосымша жәрдемге мүтәж еди. Оларға өз қәлеўи ҳәм ерк-ықрарын билдириў имканиятын жаратыў мақсетинде 16 мыңға шамалас кеўилли тартылды.

Буннан тысқары сайлаў участкаларында көзи әззи пуқаралар ушын бөртпели-ноқат баспа трафаретлер таярланды. Сондай-ақ, көзи әззи сайлаўшылар ушын оптикалық көз әйнеклер берилди.

Сайлаў участкаларының барлық имаратлары пандуслар, шақырыў түймелери, сондай-ақ, жасырын даўыс бериў ушын арнаўлы кабиналар менен тәмийинленди.

Ў.Алимов, ӨзА