Жақында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары –Экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қучқоров ҳәм Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми (ЭБШ) Бас хаткери Асад Мажид Хон арасында ушырасыў өткерилди.
Сөйлесиў даўамында тәреплер өз-ара пайдалы бирге ислесиў, соның ишинде, шөлкемге ағза мәмлекетлер арасында саўда, транспорт ҳәм туризм тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм келешектеги режелерди додалады.
Атап өтилгениндей, ЭБШ 1985-жылы Тегеранда шөлкемлестирилген. Ол регионаллық мәмлекетлераралық шөлкем болып, ҳәзир оған 10 мәмлекет, яғный Әзербайжан, Аўғанстан, Иран, Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Пакистан, Түркменстан ҳәм Түркия ағза есапланады.
Сондай-ақ, ушырасыўда Өзбекстанда әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалар, соңғы жылларда экономикада ерисилген табыслар, 2025-2030-жылларға мөлшерленген режелер ҳәм ЭБШ мәмлекетлери аймағында транспорт коридорларын раўажландырыў бойынша пикир алысты.
Сөйлесиўлер нәтийжесинде тәреплер өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де раўажландырыўға келисип алды.
ӨзА