24-октябрь күни Ташкент қаласында Олий Мажлис Сенатының мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў тоғызыншы жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.
Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.
Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.
Жалпы мәжилистиң екинши күнинде дәслеп «Өзбекстан Республикасының Жынаят-процессуал кодексине қосымшалар ҳәм өзгерис киргизиў ҳаққында»ғы нызамды додалаў болып өтти.
Нызамда еркинен айырылған шахслар жаза мүддетин өтеўин даўам еттириў ушын, сондай-ақ, руўхый кеселикке шатылған адамларды мәжбүрий емлеў ушын бериў ҳәм қабыллаў тийкарлары, шәртлери ҳәм бийкарлаў ҳаққындағы қағыйдаларды киргизиў нәзерде тутылған.
Нызам сырт мәмлекетлердиң судлары қарарларын тән алыў ҳәм орынлаўға қаратыў тәртиби, шахсларды өткериў менен байланыслы қәрежетлер ҳәм басқа мәселелерге байланыслы қағыйдаларды қамтып алған.
Нызамда еркинен айырылғанларды жазаны өтеўди даўам еттириў яки руўхый кеселликке шатылған шахсларды мәжбүрий емлеў ушын Өзбекстан Республикасына қабыл етиў ҳаққындағы мүрәжатлерди көрип шығыў тәртиби де анық белгиленбекте.
Бул қағыйдалардың белгилениўи миллий нызамшылықта еркинен айырылғанларды тапсырыў тәртибиниң нормативлик-ҳуқықый тийкарын қәлиплестирип, Өзбекстан Республикасы халықаралық шәртнамалар бойынша өзиниң миннетлемелерин және де толық дәрежеде орынлаўға имканият береди.
Додалаў даўамында нызам еркинен айырылғанды оған белгиленген жазаны өзиниң мәмлекетинде өтеўи арқалы оны социаллық реабилитациялаўды жеделлестириўге, сондай-ақ, сырт елдеги пуқаралардың ҳуқықый қорғалыўына хызмет ететуғыны атап өтилди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан соң Сенаттың елиў тоғызыншы жалпы мәжилисинде сенаторлар тәрепинен «Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 206 ҳәм 248-статьяларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жазаларды орынлаў, пробация бөлимлери қадағалаўы астындағы шахслардың минез-қулқы үстинен тәсиршең қадағалаўды әмелге асырыў бойынша жаңа система жаратылды. Бул бағдарда 2024-жыл 7-август күни «Пробация ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы қабыл етилди.
Усы система шеңберинде ҳәкимшилик қадағалаў ҳәм пробация қадағалаўындағы шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў, олардың өмири ҳәм денсаўлығын қорғаў, руўхый ҳәм физикалық жақтан раўажланыў ушын шараятлар жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, бүгинги күнде мәмлекетимизде ҳәкимшилик қадағалаў ҳәм пробация қадағалаўындағы шахслар арасында кең көлемли профилактика илажлары әмелге асырылыўына қарамастан ҳәкимшилик қадағалаў ҳәм пробация қадағалаўындағы шахслар тәрепинен жүзеге келип атырған ҳуқықбузарлықлар саны артып бармақта.
Бул болса усы бағдардағы ҳуқықый тәсир илажларының қайта көрип шығылыўын талап етпекте.
2023-жылы ҳәкимшилик қадағалаў нызамы тәсири астына түсиўши 5 529 шахсқа ҳәкимшилик қадағалаў орнатылған. 2024-жылдың 9 айында 5 689 қураған ҳәм бул категориядағы шахслар 160 қа шекем артқан.
Буннан тысқары, 2023-жылы 83 763 шахс ишки ислер уйымларының пробация қадағалаўында турған болса, 2024-жылдың 9 айында бул көрсетикш 86 226ны қураған , яғный усы жылда бундай шахслар 2 463 ке көбейген.
2023-жылы ҳәкимшилик қадағлаўда турған 4 167 шахс судлар тәрепинен орнатылған шеклеўлерге әмел етпегенлиги ушын оларға биринши мәрте ҳәкимшилик протоколлар рәсмийлестирилген. 2024-жылдың 9 айында 3 153 шахсқа ҳәкимшилик протоколлар дүзилген.
Әйне усы категориядағы судлар шахслар тәрепинен белгиленген шеклеўлерге бир неше рет әмел етпегенлиги ушын 2023-жылы 717 ҳәм 2024-жылдың 9 айында болса 637 шахс Жынаят кодексиниң 226-статьясы (Ҳәкимшилик қадағалаў қағыйдаларын бузыў) бойынша жуўапкершиликке тартылған.
Бүгинги күнде суд тәрепинен белгиленген шеклеўлер ҳәм миннетлемелерге әмел етпей атырған пробация қадағалаўындағы шахслар тәрепинен ҳуқықбузарлықлар жүзеге келип атырғанлығы себепли, соның ишинде, аўыр яки оғада аўыр жынаятлардың алдын алыў бойынша оператив ҳәм тәсиршең илажлар көрилиўин тәмийинлеў мақсетинде ишки ислер уйымлары пробация бөлимлери хызметкерлерине қосымша кепилликлерди бериў кереклигипайда болмақта.
Сол себепли Ишки ислер министрлиги тәрепинен қадағалаў астында турған арнаўлы категориядағы шахслар арасында нызам үстинлигин тәмийинлеў, оларда нызамға бойсыныў минез-қулқын, инсанға, мийнетке, социаллық турмыс қағыйдалары менен дәстүрлерине ҳүрмет қатнасығын қәлиплестириў мақсетинде нызам жойбары ислеп шығылды.
Додаланған нызам менен Ҳәкимшилик ҳаққындағы кодекстиң 206-статьясы санкция бөлимине әмелде болған жәрийма жазасынан тысқары ҳәкимшилик қамақ жазасы да киргизилмекте.
Пробация бөлимлери хызметкерлериниң қадағалаўы астындағы шахс тәрепинен хуқықбузарлық жүзеге келген ўақытта оған ҳәкимшилик протокол дүзиў ушын оны аймақлық жақтан жақын жерде жайласқан таяныш пункти профилактика инспекторының алдына алып барып, ҳәкимшилик протокол рәмийлестириў керек, бул пробация хызметкериниң жумыс нәтийжелилигине унамсыз тәсир көрсетип, артықша ўақыт сарыпланыўына себеп болмақта.
Сол себепли додаланып атырған нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 248-статьясы төртинши бөлимине қосымша ҳәм өзгерис киргизиў арқалы ишки ислер уйымларының 1852 ҳәм 187-статьялары бойынша пробация қадағалаўындағы шахсларға ҳәкимшилик хуқықбузарлықлар ҳаққындағы протоколлар дүзиў кепиллигин пробация хызметиниң үлкен инспекторы ҳәм инспекторына бериў нормасы белгилеп қойылмақта.
Нызамның қабыл етилиўи арнаўлы категориядағы шахслар тәрепинен жүзеге келген ҳуқықбузарлықлардың жағдайы бойынша анықланған орынның өзинде тәсир илажларын қолланыўға, усы категориядағы шахслар менен алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилиги артыўына ҳәм пуқаралардың орынсыз әўерегершиликлериниң алды алыныўына хызмет етеди.
Додалаўдан соң нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сондай-ақ, Сенаттың гезектеги мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине санлы дәлиллер менен ислесиў системасын жетилистириўге қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Бүгинги күнде миллий процессуал нызамшылық ҳүжжетлеринде электрон (санлы) дәлиллер түсиниги, олардан пайдаланыў тәртиби ҳәм оның менен байланыслы мәселелер нәзерде тутылмаған. Электрон (санлы) дәлиллерге қандай мағлыўматлар киргизилиўи ҳаққындағы мәселелер ҳуқықый тәртипке салынбаған.
Сол себепли бул нызам менен әмелдеги бир қатар кодекслер ҳәм нызамларға электрон мағлыўматлар және санлы дәлиллер түсиниги, санлы дәлиллерди топлаў, усыныў, беккемлеў, көзден өткериў, тексериў ҳәм баҳалаў, оларды сақлаў, қайтарыў, сондай-ақ, жоқ етиў тәртибин белгилеўши тийисли өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылмақта.
Соның ишинде, электрон мағлыўматларға электрон қурылмалардан ҳәм мәлимлеме системаларынан, сондай-ақ, информациялық технологиялардан пайдаланған ҳалда жаратылатуған, қайта исленетуғын ҳәм сақланатуғын мағлыўматлар киретуғыны атап өтилмекте.
Бул нызам менен тергеўге шекемги тексериўди әмелге асырып атырған уйымның лаўазымлы шахсы, сорастырыўшы, тергеўши, прокурор яки суд тергеў ҳәм суд процесслери қатнасыўшылары тәрепинен усынылған электрон мағлыўматларды қәнигениң қатнасыўында қабыллап алыўы, электрон мағлыўматлар бар болған басланғыш электрон бөлеклерди көзден өткериў кереклиги бойынша анық тәртип белгиленбекте.
Сондай-ақ, нызамда санлы дәлиллер түсиниги де атап өтилмекте. Оған бола, жумыс ушын әҳмийетке ийе болған жағдайлар ҳаққындағы электрон мағлыўматлар, соның ишинде, электрон файллар, аудио ҳәм видеожазыўлар, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында сақланып атырған ҳәм басқа электрон мағлыўматлар санлы дәлил болыўы мүмкинлиги көрсетилмекте.
Бул нызамның қабыл етилиўи Өзбекстаннның халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орнын жақсылаўға, нызамшылықтағы бослықларды сапластырыўға ҳәм әдил судлаў сапасын арттырыўға ҳәм суд иси алып барылыўын жетилистириўге хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соның менен бирге, Сенаттың елиў тоғызыншы жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине ҳайўанатлар ҳәм өсимликлер дүньясын қорғаўды күшейтиўге қаратылған қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Бүгинги күнде нызамсыз аң аўлаў, браконьерлик себепли ҳайўанат ҳәм өсимлик түрлериниң саны барған сайын азайып бармақта. Нәтийжеде экологиялық жағдай кескинлеспекте, бул болса жәмийетшиликтиң ҳақылы түрдеги наразылықларына себеп болмақта.
Қурылыс ҳәм басқа жумысларды әмелге асырыўда химиялық, биологиялық ҳәм бактериологиялық қураллардан пайдаланған ҳалда билқасттан тереклерди қуртыў жағдайлары ушырасып атырғанына ҒХҚ арқалы көрип гүўа болмақтамыз.
Сондай-ақ, суў бәссейнлеринде түрли нызамсыз усыллар жәрдеминде, атап айтқанда, электр тоги, жарылыўшы ҳәм химиялық элементлер ҳәм биологиялық препаратларды қолланған ҳалда балық аўлаў артып бармақта. Бул балық резервлериниң кырылып кетиўине, түрлериниң жоқ болып кетиўине себеп болмақта.
Әмелдеги нызамшылығымызда бундай қылмыслар ушын жаза илажларының жеңиллиги болса браконьерлерге жүдә қолайлы болмақта.
Соған қосымша, экология ҳәм қоршаған-орталықты қорғаў уйымлары мәмлекетлик инспекторының нызамлы жумысына тосқынлық еткени, көрсетпелерди орынламаў ушын белгиленген санкция бул бағдардағы ҳуқықбуарлықлар профилактикасы нәтийжелилигин тәмийинлеў имканиятын бермей атыр.
Атап өтилгениндей, усынылып атырған нызам менен әмелдеги 2 кодекс ҳәм 2 нызамға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылмақта.
Соның ишинде, Жынаят кодексине ҳайўанатлар яки өсимликлер дүнясынан пайдаланыў тәртибин бузғанлық ушын жуўапкершиликти күшейтиўге қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Атап айтқанда, электр тогин, жарылыўшы, химиялық элементлерди яки биологиялық препаратларды қолланған ҳалда аң аўлаў балық аўлаў ушын базалық есаплаў муғдарының 400 есесинен 600 есесине шекем жәрийма белгиленбекте яки белгили бир ҳуқықтан айырмақта. 3 жылдан 5 жылға шекем еркинликти шеклеў ямаса еркининен айырыў жазасы белгиленбекте. Аўырластырыўшы жағдайларда қосымша жаза сыпатында белгили бир ҳуқықтан айырыў жазасы да киргизилмекте.
Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте аң аўлаў ҳәм балық аўлаў қағыйдаларын, сондай-ақ ҳайўанат дүньясынан пайдаланыўдың басқа түрлерин әмелге асырыў қағыйдаларын бузғанлығы ушын нәзерде тутылған жәриймалар муғдары еки есеге арттырылмақта.
Химиялық, биологиялық ҳәм бактериологиялық қураллардан пайдаланған ҳалда, сондай-ақ, имаратлар, яки басқа объектлерди қурыў, қайта қурыў, реконструкциялаў, өзиниң аймағында қосымша имаратларды қурыў ҳәм капитал оңлаў ўақтында тереклерге, путаларға яки басқа өсимликлерге билқасттан зыян жеткериў, бүлдириў ҳәм набыт етиў ҳуқықбузарлықлары ушын жуўапкерлик белгиленип, пуқараларға базалық есаплаў муғдарының 35 есесинен 50 есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса базалық есаплаў муғдарының (БЕМ) 60 есесинен 75 есесине шекем жәрийма нәзерде тутылмақта.
Аң аўлаў ҳәм балық аўлаў қағыйдаларын бузғанлығы, сондай-ақ, ҳайўанат дүнясынан пайдаланыўдың басқа түрлерин әмелге асырыў қағыйдаларын бузғанлығы ушын жуўапкешилик болса 2 есеге арттырылмақта.
Соның менен бирге, Экология мәмлекетлик инспекторының нызамлы жумысына тосқынлық қылғанлығы, көрсетпелерди орынламағанлығы ушын жуўапкершилик күшейтилип, пуқараларға БЕМның 5 есесинен 10 есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса 20 есесинен 30 есесине шекем жәрийма белгиленбекте.
«Ҳайўанат дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы ҳәм «Аң аўлаў ҳәм аңшылық хожалығы ҳаққында»ғы нызамлардың нормалары өз-ара муўапықластырылып, усы нызамлардағы аң қуралы, соның ишинде, балық аўлаў қуралы менен байланыслы ҳуқықый бослықлар сапластырылмақта.
Атап өтилгениндей, нызамның қабыл етилиўи нызамсыз аң аўлаў жағдайларының алдын алыў арқалы биологиялық ресурсларды қорғаўға, терек ҳәм путалардың набыт болыўының алдын алыўға, мәмлекетлик экологиялық қадағалаў институтының нәтийжелилигин арттырыўға, мәмлекетимизде экологиялық турақлылықты тәмийинлеўге, тәбийғый ресурсларды кепилликли қорғаўға хызмет етеди.
Додалаў нәтийжесинде нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Жалпы мәжилисте «Халықаралық мийнет шөлкеминиң ҳақы төленетуғын дем алыслар ҳаққындағы 132-санлы Конвенциясын (1970-жылда қайта көрип шығылан) (Женева, 1970-жылы 24-июнь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Соңғы жылларда Өзбекстанның Халықаралық мийнет шөлкеми менен өз-ара бирге ислесиў қатнасықлары және де кеңейип, сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди.
Конвенцияда мийнет қатнасықларында хызметкерлердиң жумыс ислеўин әмелге асырыў менен байланыслы ҳуқықлары, соның ишинде, дем алыс ҳәм ҳақы төленетуғын дем алыслардан пайдаланыў ҳуқықларын тәмийинлеў илажларын және де күшейтиў сыяқлы мәселелер нәзерде тутылмақта.
Конвенция барлық тараўларда ислейтуғын хызметкерлерге дем алыс ҳәм жумыс ислеў қәбилетин қайта тиклеў ушын жумыс орны (лаўазымы) ҳәм орташа мийнет ҳақы сақлап қалынған ҳалда ҳәр жумыс жылы ушын берилетуғын дем алысларды тәмийинлеўге тийкар жаратады.
Атап өтилгениндей, усы күнге шекем бул Конвенция 38 мәмлекет тәрепинен ратификацияланған.
Конвенцияның қабыл етилиўи келешекте халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер менен қатнасықларда Өзбекстанның дөретиўши имиджин және де жоқарылатыўға ҳәм халықаралық рейтинг ҳәм инндекслердеги орнын жоқары текшелерге көтериўге имканият жаратады.
Сондай-ақ, барлық тараўларда жумыс ислеўши хызметкерлердиң дем алыс ҳәм мийнет ҳақы төленетуғын дем алыслардан пайдаланыў ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша халықаралық стандартларды әмелиятқа нәтийжели енгизиўге хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан тысқары, сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.
Жалпы мәжилисте жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 15 мәселе соның ишинде, 14 нызам көрип шығылды.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў тоғызыншы жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенаты
Мәлимлеме хызмети