Орынларда шет тилин билиў дәрежесин анықлаў тест сынақларының жазба (тыңлап түсиниў, оқыў, жазба жумысы) түри болып өтти.
Билим ҳәм маманлықты баҳалаў агентлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўине бола, тест сынақлары талабанларға қолайлы болыўы ушын Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында шөлкемлестирилди. Онда жәми 14,8 мыңнан аслам талабан қатнасты ҳәм 12 талабан тәртип-қағыйданы буғаны ушын тест сынағынан шетлетилди.
Тест сынақларында қатнасқан талабанлар ушын айтып бериў көнликпесин баҳалаў имтиханлары – 21-октябрьден 5-ноябрьге шекем болып өтеди (дем алыс күнлеринен тысқары).
Мағлыўмат орнында айтып өтиўимиз керек, тест сынағы нәтийжелери Министрлер Кабинетиниң қарарына муўапық имтиханлар толық тамамланғаннан соң бир ҳәпте ишинде жәрияланады.
ӨзА