Өзбекстан Республикасы Президенти «Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы пәрманға қол қойды.

Оған муўапық:

Өзбекстан Республикасы Конституциясы күнине бағышланған байрам илажларына таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бағдарламасы;

Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитетитиң қурамы тастыйықланды.

Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни байрамы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар орайлары ҳәм Ташкент қаласында, сондай-ақ, барлық қала  район ҳәм аўылларда да кеңнен белгиленеди.

Барлық аймақларда халықтың кең қатламлары арасында Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни байрамына бағышланған руўхый-ағартыўшылық әнжуманлар, ашық сөйлесиў ҳәм сәўбетлер, әдебий кешелер, фестивальлар, сейиллер, мәденият ҳәм спорт илажлары, белгили илимпазлар, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, кексе ҳәм жас әўлад ўәкиллери, белгили спортшыларды кеңнен тартқан ҳалда байрам илажлары әмелге асырылады.

Пәрманда орынларда Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни байрамын бүгинги дәўир руўхында жоқары тәризде белгилеў мақсетинде:

жаңаланған Конституциямыздың мазмун-мәниси ҳәм «Өзбекстан -2030» стратегиясының тийкарғы бағдарлары шеңберинде белгиленген тийкарғы реформалар ҳаққында мәҳәллелер, билимлендириў ҳәм мийнет жәмәәтлеринде ушырасыў ҳәм сәўбетлер өткериў;

соңғы жылларда экономиалық, социаллық, руўхый-ағартыўшылық турмыстың түрли тараўларында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм усы бағдарда ерисилип атырған нәтийжелерди беккемлеўде жаңа редакциядағы Конституцияның орны ҳәм ролин сәўлелендириў;

«Конституция- еркин ҳәм абадан турмыс гиреўи!» деген турмыслық сүренниң мәниси ҳәм әҳмийетин, жаңа редакциядағы Конституция тийкарында инсан ҳуқықы менен еркинликлери тараўында улыўма жаңа басқышқа өтилгенин ашып бериў;

мүлклик ҳуқықлардың исенимли қорғалыўын тәмийнлеў, денсаўлықты сақлаў, илим мәденият, көркем өнер ҳәм спорт тараўларын раўажландырыў, нуранийлер, ҳаял-қызлар ҳәм жасларға турақлы итибар ҳәм ғамхорлық көрсетиў, шаңарақ, аналық, балалық ҳәм әкеликти қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған реформалардың әҳмийетин кеңнен үгит-нәсиятлаў;

«Конституция айлығы» шеңберинде улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлеринде барлық оқыўшы ҳәм студентлерди қамтып алған ҳалда Конституция сабақларын өткериў көрсетип өтилген.

ӨзА