“Өзбекстан – 2030” стратегиясы – әмелде
Халықтың талаплары ҳәм халықаралық стандартларға толық жуўап беретуғын билимлендириў, медицина ҳәм социаллық қорғаў системасын шөлкемлестириў “Өзбекстан – 2030” стратегиясында әмелге асырылыўы режелестирилген тийкарғы идеялардан бири.
Президент Шавкат Мирзиёев 2020-жылы 23-сентябрь күни БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзинде “Мақсетимиз – ҳәр бир инсанның тийкарғы ҳуқық ҳәм еркинликлерин, саламатлығы менен абаданлығын тәмийинлейтуғын әдил глобал системаны биргеликте жаратыў”, деп айтып өткен еди. Усы тийкарда климат өзгериўи, азық-аўқат қәўипсизлиги машқаласы, кәмбағаллықты жоқ етиў ҳәм оны қысқартыў мәселелери сыяқлы заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы қаратылған бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қойған еди.
2024-жыл 11-сентябрь күнги видеоселектор мәжилисинде Президентимиздиң Өзбекстанда кәмбағаллықты қысқартыўды жаңа сапа басқышына алып шығыў бойынша берген тапсырмалары климат өзгериўи ҳәм қәўип-қәтерлер көлеминиң артыўы себепли кәмбағаллықтан шығарыўдың халықаралық тәжирийбесине комплексли қатнас жасаўды талап етеди.
Жәҳән банкиниң есап-санақларына бола, климат өзгериўи ақыбетинде көрилген зыянлар муғдары 1980-жылда 55 миллиард, 2010-жылда 180 миллиард ҳәм 2023-жылда болса 300 миллиард АҚШ долларын қураған. Бул экономикалық зыян бир қатар мәмлекетлердиң шаңарақ ийелери, аўыл хожалығы, майда фермерлер, ақырғы нәтийжесинде, азық-аўқат базарларына өз басымын өткерген ҳәм өткерип келмекте.
Тәбийғый яки техноген апатлар урлық сыяқлы көплеген қәўип-қәтерлери менен орташа жағдайдағы халықты кәмбағалға, кәмбағалды болса жарлыға айландырыў итималы жүдә үлкен.
Буннан қорғаныўдың қуралы сыпатында пайда болған қаржылай инновация – микроқамсызландырыў халықты экономикалық ҳәлсиз қатламларды қәўип-қәтерлерден қорғаўдың күшли қуралына айланды.
Дәслеп микроқамсызландырыў Ҳиндстанда халықты микрокредитлеў бойынша қосымша хызмет сыпатында пайда болған, соң халық арасында системаға айланған.
Қытай тәжирийбесине нәзер таслайтуғын болсақ, бул мәмлекетте микроқамсызландырыў менен кең халық қатламларын қамтып алыўда мәмлекеттиң қадағалаўы, жәрдеми ҳәм тәртипке салыў механизимине үлкен итибар қаратылған.
Қубла Африка, Филиппин, Индонезия, Уганда ҳәм Бразилия сыяқлы мәмлекетлер болса өзлериниң перспективалы базарларын Alyanz, Zurich, Мunich RE, Swiss RE ҳәм ири қамсызландырыў компанияларына ашып берди.
Бул денсаўлық, турмыс, мүлк, аўыл хожалығы ҳәм тәбийғый апатлардағы бир қатар қәўип-қәтерлерден халықтың кем тәмийинленген қатламлары ҳәм олардың мүлкин исенимли қорғаў арқалы кәмбағаллықты қысқартыўға үлес қосты.
Өзбекстан халқының айырым бөлеги, әсиресе, аўыллық жерлерде турақ жай салыўға жыллар даўамында таярлық көреди, өзбек шаңарағы ушын турақ жай айрықша қәдирият, ўатан ишиндеги ўатанға айланады. Климат өзгериўи тәбийғый апатлар, сейсмикалық белсендилик Турақ жай микроқамсызландырыў системасын ислеп шығыў ҳәм турмысқа енгизиўдиң әҳмийетин арттырады.
Кәмбағаллықты қысқартыў мәселеси улыўма мәмлекетлик әҳмийетке ийе мәселе, деп тән алынып атырған, климат өзгериўи мүнәсибети менен қәўип-қәтерлер, экономикалық зыянлар геометриялық прогрессия сыяқлы өсип баратырған бир ўақытта тараўда институционаллық мәселелерди шешиў, нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлерди қәлиплестириў, халықтың турақ жайларын қорғаў мәселесинде бар кемшиликлерди жоқ етиўди талап етпекте.
Бул факторлар болса республикамызда халықтың турмысын және де жақсылаўға, мүлкин түрли қәўиплерден қорғаў, зыянлардың альтернатив дәреклер есабынан қапланыўына имканият жаратады.
Усы жерде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қамсызландырыў шөлкемлериниң жумысын қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, бул тараўда тутыныўшылардың ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў ушын қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде 2019-жылы 2-августта қол қойылған “Өзбекстан Республикасының қамсызландырыў базарын реформалаў ҳәм оның жедел раўажланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында”ғы қарарының бир қатар бәнтлери мәмлекетимизде кәмбағаллықты қысқартыў улыўма миллий ҳәрекетке айланған бир ўақытта әҳмийетли орынды ийелейди.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 11-сентябрь күни кәмбағаллықты қысқартыў жумысларын кейинги басқышқа алып шығыў мәселелерин додалаў бойынша өткерилген видеоселекторда “Буннан кейин кәмбағаллықты қысқартыў улыўма миллий ҳәрекетке айланады. Ҳүкиметтен баслап, район шөлкемлерине шекем барлық буўындағы басшылардың күнделикли жумысы шаңарақларды кәмбағаллықтан алып шығыў болыўы керек. Усы тийкарда қадағалаў да, сораў да қатаң болады ”, деп айтып өткен еди.
ӨзА