Нөкистеги Жаслар орайында Самарқанд мәмлекетлик ветеренария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы тәрепинен Халықаралық аўыл ҳаяллары күни мүнәсибети менен илаж шөлкемлестирилди.

Онда сөзге шыққанлар, соңғы жылларда мәмлекетимизде аўыл хожалығы тараўында әмелге асырылып атырған тийкарғы реформалар, жаңаланыўлар, ерисилген  унамлы нәтийжелер ҳәм бул процесслерди әмелге асырыўда инсан қәдири менен мәплерин тәмийинлеўде айрықша итибар қаратылып атырғанлығына тоқтап өтилди. Сондай-ақ, аграр тараўдың және де жоқары дәрежеде раўажланыўы, халықты сапалы аўыл хожалығы өнимлери менен тәмийинлеў ҳәм аўылларда жасайтуғын ўатанласларымыздың турмыс тәризин және де жақсылаў, абаданлығын арттырыўда салмақлы үлес қосып киятырған аўыл ҳаялларының шыдамлылығы итибарға ылайық екенлиги атап өтилди.

-Аўылда жасап, ҳадал мийнет етип киятырған ҳаяллардың жәмийеттеги орнын көрсетиў, олардың усынысларын үйренип, машқалаларын унамлы шешиўге итибар қаратыў, белсенди ҳәм интакер ҳаялларды мүнәсип хошаметлеў бүгинги күнде жүдә әҳмийетли мәселе, -дейди Өзбекстан Республикасы ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети баслығының мәмлекетлик тил мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси М.Абдукаримова. – Жақсы ҳәм әпиўайы, пидайылық тымсалы болған, аўылларымыздың абаданлығы, шаңарағымыз дастурханының толы болыўына үлкен үлес қосып киятырған аўыл ҳаяллары ҳәр қашан ҳүрмет ҳәм итибарда.

Илаж даўамында байрам мүнәсибети менен аўыл хожалығы тараўында көп жыллардан берли нәтийжели жумыс ислеп киятырған ҳаял-қызлар ҳәм филиалдың бир топар ҳаял-қызлары Өзбекстан Республикасы ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети тәрепинен миннетдаршылық  ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Белгили қосықшылардың атқарыўындағы қосық ҳәм намалар бәршеге байрам кейпиятын бағышлады.

Д. Абибуллаев

Қарақалпақстан хабар агентлиги