Өзбекстан Саўда-санаат палатасында Қатар исбилермен топары ўәкиллериниң қатнасыўында дөгерек сәўбети өткерилди. Ушырасыўда палата баслығының орынбасары Дилшод Расулов ҳәм усы араб мәмлекети «Premium Constraction» кәрханасының ўәкили Насри Ал Саъдий қатнасты.

Қатар тәрепи  Президент Шавкат Мирзиёев алып барып атырған экономикалық рефоромаларды жоқары баҳалап, Өзбекстанды исенимли шерик сыпатында көретуғынын және бир мәрте тастыйықлады.

Илаж шеңберинде  Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги жанындағы Сырт ел инвестицияларын тартыў агентлиги, «Өзтоқымашылықсанааты», «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциацияларының ўәкиллери тәрепинен мәмлекетимиздиң инвестициялық потенциалы ҳәм исбилерменлердиң кең перспективасы сәўлеленген презентация өткерилди.

Сөйлесиў даўамында Қатар мәмлекетиниң исбилерменлери қызығыўшылық билдирген тараў ҳәм бағдарлар бойынша зәрүр мағлыўматлар, сораўларға жуўаплар  берилди. Саўда-экономикалық қатнасықты раўажландырыўға қаратылған усыныслар көрип шығылып, додаланды.

Сондай-ақ,  11-ноябрь күни Доха  қаласында болып өтетуғын Исбилерменлер кеңеси мәжилисинде қатнасыў, Қатарда өзбек өнимлери ушын саўда үйи ямаса шоурум орайын ашыўға келисип алынды.

Қатар  делегациясы ўәкиллериниң Өзбекстанға сапары бағдарламасына муўапық, Наманган ўәлаятына сапар да режелестирилген.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА