Өзбекстан тутыныўшылардың хуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясының делегациясы әмелий сапар менен Грузия тутыныўшылары федерациясында болып, өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде Меморандумға қол қойылды.
Меморандумда еки шөлкем арасындағы бирге ислесиў төмендеги бағдарларда беккемлениўи белгиленди:
– электрон коммерциялық ҳәм санлы товарлар базарында тутыныўшылардың хуқықлары ҳәм мәплерин қорғаў бағдарында бар халықаралық жетекши принциплер менен стандартлар жергиликли экономикалық, социаллық ҳәм экологиялық шараятларға сәйкес ҳалда қабыл етилиўинде баслама көрсетиў;
– бир мәмлекетте ислеп шығарылған товарлар басқа мәмлекетте сатылғанда ямаса электрон хызметлер басқа мәмлекеттиң тутыныўшыларына көрсетилгенде пайда болатуғын нызамбузыўшылықлар ҳәм көзбояўшылықлардың алдын алыў ушын халықаралық, регионаллық ҳәм миллий тутыныўшылардың шөлкемлери арасында өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў;
– шерик тутыныўшылар шөлкемлери менен бул бағдарда жедел ҳәм нәтийжели мәлимлеме алмасыўын жолға қойыў ҳәм тутыныўшылардың хуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў ушын еки ҳәм көп тәреплеме келисимлер дүзип, оларды турмысқа енгизиў арқалы әмелге асырыў;
– тутыныўшылардың хуқықлары менен мәплерин қорғаў бағдарында халықаралық, регионаллық ҳәм миллий бирге ислесиўши шөлкемлер менен тәжирийбе алмасыў мақсетинде мәпдар шөлкемлер ушын турақлы түрде тренинглер, семинарлар, форумлар өткериўди жолға қойыў.
Бул басламалар тутыныўшылардың хуқықлары менен мәплерин қорғаў бағдарында халықаралық бирге ислесиўди және де раўажландырыўға қаратылған.
ӨзА