2024-жыл 4-январьда «Шығындыларды басқарыў системасын жетилистириў ҳәм олардың экологиялық жағдайға унамсыз тәсирин азайтыў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилген.

Бул пәрман менен бир қатар илажлар белгиленген. Атап айтқанда, шығынды хызметлери ушын айлық төлемлерден қарыздарлығы болған абонентлерди SMS арқалы хабардар етип барыў нәзерде тутылған. Бул электрон хабар жиберилгеннен кейин де пуқаралар төлемди әмелге асырмаса, олардың электр ушын төлемлерин қабыллаў ўақтыншалық шекленеди.

Хош, бул шеклеў қандай тәртипте әмелге асырылады?

Бул сораўға «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети баспасөз хызметиниң басшысы Фахриддин Нуралиев төмендегише жуўап берди:

– Бул әмелиятқа бола, қарыздарлық бойынша ескертилгеннен кейин төлем төлемеген шахслардың электр ушын төлемлерин қабыллаўды ўақтыншалық шеклеў үш басқышта әмелге асырылады. 1-басқышта Ташкент ҳәм Нөкис қалалары ҳәм ўәлаят орайларында 2024-жыл 1-июньнан 6 айлық қарыздарлық ушын қолланылады. 2-басқышта республиканың барлық аймақларында 2024-жыл 1-ноябрьден 3 айлық қарыздарлық ушын ҳәм 3-басқышта мәмлекетимиздиң барлық аймақларында 2025-жыл 1-январьдан 1 айлық қарыздарлық ушын қолланыў нәзерде тутылған.

Күни кеше социаллық тармақларда «Өзбекстанда халық шығынды пулын төлемегени ушын электр энергиясын өширип қойыўды баслады» мазмунындағы хабарлар да тарқалды.

Бул хабарларды төмендегише түсиндиремиз. Президентимиздиң жоқарыда атап өтилген пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың октябрь айынан «Аймақлық электр тармақлары» АЖның 2100 қысқа номери арқалы бул ескертиў хабарларын жибериў әмелияты жолға қойылды.

Бул процессте Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги усынған мағлыўматлар тийкарында пуқараларға SMS хабарлар жибермекте.

Ҳәзирги ўақытта «Аймақлық электр тармақлары» АЖ тәрепинен шығынды бойынша ескертиў хабары жиберилгенде де қарыздардық сапластырмаған тутыныўшыларға электр энергиясы ушын төлемлерде шеклеўлер киргизиў бойынша техникалық жумыслар алып барылмақта.

Еслетип өтемиз, бул әмелиятқа тийкарланып шығындыдан қарызы бар пуқаралар жиберилген хабарлардан кейин де төлемди әмелге асырмаса, электр төлеми ушын ўақтыншалық шеклеў енгизиледи. Онда пуқаралар электр тәмийнатынан ажыратылмайды.

Насиба Зиёдуллаева, ӨзА